Алдын хабар бергенимиздей, өткен 2019-жыл даўамында 400 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған болып, оларда 105 пуқара қайтыс болып, 358 и дене жарақатларын алған.

Өткен жыл даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселериниң статистикасын көзден өткергенимизде, олар арасында 2018-жылға салыстырғанда азайған жол-транспорт ҳәдийселери:

 

Пияданы қағып кетиў – 183 (2018-жылда 194);

Велосипед басқарыўшысын қағып кетиў – 51 (2018-жылда 54);

Тезликти көбейтиў – 170 (2018-жылда 227);

Пиядаларға жол бермеў – 29 (2018-жылда 51);

Жеңилликке ийе автомашиналарға жол бермеў – 7 (2018-жылда 23);

Белгиленген аралықты сақламаў – 15 (2018-жылда 19);

Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 27 (2018-жылда 38).

 

Ал 2018-жылға салыстырғанда көбейген ҳәдийселер:

 

Дүгисиў – 105 (2018-жылда 97);

Жол бойындағы транспортқа урылыў – 9 (2018-жылда 3);

Жол бойындағы тосыққа урылыў – 9 (2018-жылда 7);

Жолдың қарама-қарсы тәрепине өтип ҳәрекетлениў – 57 (2018-жылда 39);

Шаршаў, рульде уйқылап кетиў – 22 (2018-жылда 8).

 

Автомобильлердиң аўдарылыўы менен байланыслы ҳәдийселер 2018-жылдағы көрсеткиш пенен бирдей – 39 (2018-жылда 39).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.