Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 2019-жыл 21-ноябрь күни өткерилген жыйналыста Қаржы министрлигине 2020-жыл 1-апрельге шекем тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте пенсия системасын реформалаў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилген еди, деп жазбақта «Kun.uz».

Ислеп шығылып атырған Концепция жойбарында пенсия жасын көтериў нәзерде тутылмаған, деп жазбақта Пенсия қорының баспасөз хызмети. Хабарда жазылыўынша, Концепция жойбарын ислеп шығыў жуўмақланғаннан соң жойбар орнатылған тәртипте улыўма халықлық додалаўға қойылады.

Сондай-ақ, Концепция жойбары халықты социаллық жақтан қорғаўға хызмет етип, тийкарғы итибар пенсия муғдарын көбейтиў, экономикалық белсенди халықты социаллық қамсызландырыў системасы арқалы қамтыў дәрежесин кеңейтиўге бағдарланады. Соның менен бирге, инновациялық технологиялар енгизилип, тек паспорт тийкарында пенсия тайынлаў, электрон мүрәжатлар тийкарында орайласқан ҳалда тайынлаў және төлеў мәселелери көрип шығылмақта.

Мағлыўмат ушын, 2011-жылдан 2019-жылға шекем Өзбекстандағы пенсионерлер саны 2,4 есеге көбейди. 2019-жылда пенсионерлер 339 мың адамға көбейген. Бунда рәсмий түрде жумыс пенен бәнт болған халық саны 4,76 миллионды қурап, олар экономикалық тәрептен белсенди халықтың 32,5 процентин қурады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.