Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен усынылған мағлыўматларға бола, дүнья тәжирийбесинен өнимли пайдаланған ҳалда, жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын (тест сынақларын) оптималластырыў, имтиханларға жумсалатуғын қәрежетлерди қысқартыў, билимлендириў мәкемелериниң питкериўши оқыўшыларын және абитуриентлерди қосымша, бирин-бири қайталайтуғын уқсас имтиханлардан азат етиў мақсетинде жаңа усыл ҳәм тәртип енгизилиўи режелестирилмекте.

Усыныстың мәниси соннан ибарат, басқышпа-басқыш питкериў имтиханларының нәтийжеси менен қабыллаў тест сынақларында қатнаспай тиккелей ЖБМ(жоқары билимлендириў мәкемесине)ға оқыўға қабыллаў таңлаўларында қатнасыў тәртибин жолға қойыў есапланады. Буның ушын алдынғы сырт ел тәжрийбелери, мәселен, Россия Федерациясы (ЕГЭ), Америка қурама штатлары (SAT) ҳәм Уллы Британия (GCSE) бағдарламалары мысалында улыўма билимлендириў мәкемелериниң питкериў мәмлекетлик имтиханлары мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалаврият билимлендириў бағдарларына оқыўға кириў тест сынақлары менен бирлестирилиўи мүмкин.

Нәтийжеде мәмлекетлик бюджеттен жумсалатуғын үлкен муғдардағы қәрежетлер кескин азаяды, бир түрдеги пәнлерден еки мәртеден имтихан тапсырыўдың алды алынады ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўде заманагөй, қолай усыл жаратылады.

Бүгинги күнде мәселеге байланыслы усыныслар ислеп шығылмақта ҳәм экспертлерге таллаў ушын усынылмақта.

 

ӨзА