Түркменстанның Ташкенттеги елшиханасында 31-январь күни ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

Илаж БМШтың «Түркменстанның Турақлы Бийтәреплиги ҳаққында»ғы резолюциясы қабыл етилгенине 25 жыл толыўы және 2020-жыл «Түркменстан – Бийтәреплик мәканы» жылы деп жәрияланыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилди.

Брифингте Түркменистанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық-ҳуқықлы елшиси Язгули Маммедов Түркменстанның Бийтәреплик жолын таңлаў тарийхы, оның тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў, Орайлық Азия регионы ҳәм дүньяның турақлы раўажланыўында тутқан орны ҳаққында сөз етти.

– Буннан шерек әсир бурын Түркменстан Бийтәреплик жолын таңлады ҳәм соннан баслап басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў, суверенитетин ҳүрмет етиў, әскерий блоклар ҳәм халықаралық шәртнамаларда қатнаспаў принципине әмел етип келмекте, – деди елши. – Түркменстан таңлаған усы раўажланыў жолы халықаралық жәмийетшилик, атап айтқанда, Өзбекстан тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Түркменстан Бийтәреплик статусы БМШ Бас Ассамблеясының еки арнаўлы резолюциясы менен беккемленген дүньядағы бирден-бир мәмлекет есапланады. Бул резолюциялар 1995 ҳәм 2015-жылда қабыл етилген.

Өзбекстан Түркменстанның бийтәреплик статусын бириншилерден болып қоллап-қуўатлаған, еки мәрте БМШтың «Түркменстанның Турақлы Бийтәреплиги ҳаққында»ғы резолюциясына биргеликтеги автор сыпатында қатнасқан.

Язгули Маммедов Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиўи кейинги жылларда барлық тараўларда өз-ара исеним руўхында избе-из раўажланып баратырғанлығы, Өзбекстан Республикасы халықаралық майданда Түркменстанды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Илажда Түркменстанның Бийтәреплик статусын алғанына 25 жыл толыўы мүнәсибети менен 2020-жылы Түркменстанда ҳәм сырт елде өткерилиўи режелистирилип атырған илажлар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Түркменстан Бийтәрепликтиң 25 жыллығын тынышлық ҳәм дөретиўшилик, жақсы қоңсышылық, барлық дос мәмлекетлерге болған ҳүрмет ҳәм өз-ара түсиниўшилик руўхында күтип алып атырғанлығы атап өтилди.

 

С.РАҲИМОВ

ӨзАның хабаршысы