Жақында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис районлараралық экономикалық судларының судьялары С.Ниязов ҳәм Р.Қурбанбаевлар Нөкистеги «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары менен көшпели ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў, пуқаралық жәмийетти раўажландырыўда жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели усылларын енгизиў ҳәм бул бойынша ғалаба хабар қуралларының қатнасыўын күшейтиў мақсетинде 2019-жылдың 13-декабринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, бул бойынша жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгенлиги, оның мазмун-мәниси ҳаққында түсиник берилди.

Президентимиздиң қарары менен 5 бағдар, 74 тийкарғы ўазыйпалардан ибарат «Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, бул бойынша жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы» тастыйықланды. Бағдарламаны әмелге асырыў ушын ўазыйпалар белгилеп алынды. Атап айтқанда, Конституция ҳәм нызам үстинлигин, мәмлекетлик уйымлардың қарарларының, лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлериниң усы ҳүжжетлерге толық муўапықлығын тәмийинлеў, нызамлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў бойынша жумысларды жаңа басқышқа көтериў, ҳуқықый хабарларды заманагөй усыллар арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў, ҳәр бир пуқарада ҳәм лаўазымлы шахсларда Конституция ҳәм нызамларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Буннан тысқары, усы қарарға бола, быйылғы жылдың 1-апрелинен баслап шахсты услаў, оған процессуал ҳуқықларын түсиндириў, қорғаўшыдан ўаз кешиў ҳәрекетлерин мәжбүрий түрде видеожазыўға алыў тәртибиниң енгизилетуғынлығы, ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери шахсты услағаннан кейин оның усланғаны ҳәм услап турылған орны ҳаққында шаңарақ ағзаларының бирине, олар болмаған жағдайда туўысқанларына, жақын инсанларына хабар бериў миннетлемеси усы хызметкерге жүкленетуғынлығы атап өтилди.

– Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеўге, профессионал суд корпусын қәлиплестириў арқалы пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мәплериниң исенимли қорғалыўына, әдил ҳәм нызамлы суд қарарларының қабыл етилиўине, халқымыздың судқа деген исениминиң артыўына ерисиўге қаратылған кең көлемли реформалар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, 2018-жыл 13-июль күнги «Суд-ҳуқық системасын және де жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, 2019-жыл 6-январьдағы «Судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьяларды ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе, -дейди Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Р.Қурбанбаев. – Буннан тысқары, Жәҳән банкиниң «Doing  business» есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин және де көтериў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қосымша илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына тийкарланып, экономикалық судларда нызамлы күшке кирген суд ҳүжжетлерин судтың рәсмий веб-сайтында тәреплердиң келисими менен ямаса шахсты көрсетпеген ҳалда жәриялап барыў, медиатив келисим дүзиў ҳәм әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў әмелиятлары жолға қойылған. Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, судқа шекем мәжилис өткериў ҳәм суд мәжилислерин үш мәртеден аслам кейинге қалдырмаў ҳаққындағы тәртиплер әмелге енгизилди.

Суд-ҳуқық тараўында болып атырған бундай өзгерислер олардың жумысының сапасын және де арттырып, пуқаралардың ҳуқықларының, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халқымыздың әдил судлаўға болған исениминиң және де бекемлениўине хызмет етеди.

Ушырасыў соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

 

Б.БЕКПОЛАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының

суд әмелияты ҳәм статистикасын анализлеў бөлиминиң баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.