Президент Шавкат Мирзиёев 27-январь күни Ташкент халықаралық инвестиция форумын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселеси бойынша мәжилис өткерди.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде инвестиция орталығы және де жақсыланды. Бул бағдардағы нызамшылық жаңаланып, инвесторлар ушын ҳуқықый кепилликлер беккемленди.

Жуўмақланған Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылында инвестициялардың көлеми сезилерли дәрежеде артты. Әсиресе, тиккелей сырт ел инвестициялары 4,2 миллиард долларды қурап, 2018-жылға салыстырғанда  3,1 миллиард доллар ямаса  3,7 есеге өсти.

Мәмлекетимиз басшысы күни кеше Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында экономиканы жоқары пәт пенен раўажландырыў ушын жедел инвестиция сиясаты избе-из даўам еттирилиўи, быйылғы жылы өзлестирилетуғын инвестициялардың салмақлы бөлеги тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер болатуғынын айрықша атап өтти.

Атап айтқанда, 2020-жылда мәмлекетимиз экономикасына 5,8 миллиард доллар тиккелей сырт ел  инвестицияларын тартыў белгиленген. Усы мақсетте март айында Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилиўи режелестирилген.

Форумның тийкарғы мақсети экономиканың драйверлери есапланған энергетика, машина қурылысы, электротехника, мәлимлеме технологиялары, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, қурылыс тараўлары және аймақларға тиккелей  сырт ел инвестицияларын тартыўды кеңейтиў болып есапланады.

Мәжилисте усы әнжуманды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша анық шөлкемлестириўшилик ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине тармақ ҳәм аймақлардың басшылары менен бирге сырт елли инвесторларға усынылатуғын перспективалы жойбарлар бойынша таныстырыў материалларын таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Аймақлық жойбарларды әмелге асырыў ушын жергиликли өндирисшилер  ҳәм сырт ел инвесторлары арасында тиккелей бирге ислесиўди орнатыўға айрықша итибар бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Сыртқы ислер министрлигине жетекши сырт ел компаниялары, халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин форумға тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Әнжуман өткерилетуғын орынларды жоқары дәрежеде таярлаў, оны ғалаба хабар қуралларында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жарытып барыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Жуўапкерлер форумға таярлық жумыслары ҳәм ерисилиўи мөлшерленип атырған келисимлер ҳаққында есабат берди.

ӨзА