Президенттиң Мүрәжатында атап өтилгениндей, социаллық напақа төлеўдиң жетик системасын енгизиў, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем бериўдиң қамтып алыўын кеңейтиў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў зәрүр.

Сондай-ақ, напақа тайынлаўдағы нормаларды қайта көрип шығыў ҳәм оны белгилеўде ашық-айдын ҳәм әдил системаны жаратыў, бул бағдарда мәҳәллениң қатнасыўын сын көзқарастан қайта көрип шығыў керек.

Халықтың социаллық напақа бойынша бир уйымға мүрәжат еткеннен кейин, сол уйымның өзи бир күнде ҳәмме ҳүжжетлерди таярлап, мәселениң шешимин табыўы керек.

Пуқараларымыздың пенсияға шығыўы ушын тек ғана паспорты менен мүрәжат етиўи жетерли болатуғын система жаратылады. Буның ушын, биринши гезекте, мәмлекетлик архив системасы электрон формаға өткерилиўи керек, деп атап өтилди Мүрәжатта.

ӨзА