Елимиз сиясий турмысында жаңалық болған бундай илаж дәслепки мәрте 2017-жыл 22-декабрьде өткерилген еди. 2018-жылдың 28-декабринде болса екинши Мүрәжат жолланды. Бул дәстүрий баянатлар терең мазмун ҳәм үлкен әҳмийетке ийе екенлиги, барлық тараўларға байланыслылығы менен халқымызда ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлерде үлкен қызығыўшылық оятқан еди.

Усы сапардағы Мүрәжатта да өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, быйылғы ҳәм келеси жылларға арналған баслы бағдарлар, мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты ушын тийкарғы ўазыйпалар баян етилип, әҳмийетли нызамшылық басламалары алға сүрилди. Сондай-ақ, 2020-жыл атамасы да жәрияланды. Оған муўапық, 2020-жыл елимизде Илим-билимлендириў ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы болды.

Ташкент қаласындағы Халықаралық конгресс орайында болып өткен усы илажда Олий Мажлис Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет, министрлик ҳәм мәкемелердиң басшылары, түрли тараў ўәкиллери қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги