Балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылы 60 процентке жеткериў зәрүр. Биз өткен 3 жылда бул көрсеткишти 52 процентке жеткердик. Усы 60 процентке жеткериў ушын быйылғы жылы бюджеттен дерлик 2 триллионға шамалас қаржы ажыратылады.

Усы жылдан баслап тарийхта биринши рет 6 жасар балаларды мектепке шекем таярлаў системасы енгизиледи. Оған бюджеттен 130 миллиард сум ажыратылады. Бул процессте жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери де тиккелей қатнасады. 2020-жылы бюджеттен ажыратылатуғын 1,7 триллион сум қаржы есабынан 36 жаңа мектеп қурылады. 216 сы капитал оңлаўдан шығарылады. 55 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилип, олардың саны 141 ге жеткериледи.

ӨзА