Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлистиң Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына Мүрәжаты даўам етпекте.

Онда Президентимиз Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте. Мәмлекетимиз басшысы депутатлар болды, сайландық, деп емес, енди ислеў кереклигин айтып өтти.

Билимлендириўдиң барлық буўынларын реформалаўды басладық. Илим жоқ жерде артта қалыўшылық, жаўызлық ҳәм түўры жолдан алжасыў болады. Илим-билимлендириў ҳәм жоқары ағартыўшылық керек. Ең жақсы мийрас бул жақсы тәрбия.

Соны халқымызға мүрәжат етип айтпақшыман, «Билимлендириўде ислеген кәтелеримизди дүзетиў ўақты келди», деди Шавкат Мирзиёев.

Өзиниң шығып сөйлеўинде МКТны үйрениў, заманагөй билимлерди ийелеў зәрүр ҳәм шәрт. Бул жоқарылаўдың ең қысқа жолларынан бири. Бүгин дүньяға МКТ кирип бармақта.

«Көпшилик министрлик, уйым, шөлкемлер санлы технологиялардан жырақ, өз үстинде де ислемей атыр, жәмәәтинде ислете алмай атыр, көбиси соған умытылмай атыр. Соған умтылмаған басшылардың ертеңги күни жоқ. Жуўмақты өзимиз шығарыўымыз керек», деди Президент.

ӨзА