Усы жылдың 24-январь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске мүрәжат жоллаўы күтилмекте.
Бул мүрәжат ӨзМТРКның барлық телеканалларында, соның ишинде, аймақлық ҳәм мәмлекетлик емес каналларда да тиккелей эфирге жибериледи. Сондай-ақ, мүрәжатты Президенттиң баспасөз хызметиниң социаллық тармақлары арқалы да бақлаў мүмкин, деп мәлим етпекте xabar.uz сайты.
Халық қатламларын толық қамтып алыў мақсетинде мүрәжат «Ўзбекистон» телеканалында сурдо аўдарма менен, «Тошкент» ҳәм «Оилавий» телеканалларында рус тилинде, «Ёшлар» ҳәм «Дунё бўйлаб» телеканалларында инглис тилинде де эфирге жибериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги