USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 2 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТЫНЫҢ БИРИНШИ МӘЖИЛИСИНДЕГИ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

 

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли Сенат ағзалары!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сизлерди сайлаўларда жеңимпаз болып, сенатор деген жоқары мәртебеге ийе болғаныңыз бенен қызғын қутлықлайман.

Бүгинги имканияттан пайдаланып, Олий Мажлистиң жоқары палатасының алдынғы қурамында нәтийжели жумыс алып барған сенаторларға ҳәммемиздиң атымыздан миннетдаршылық билдиремен.

Әлбетте, жоқары ўәкиллик уйымының ағзасы болыў ҳәр бир сенатор ушын тек ғана үлкен абырай-мәртебе емес, ал үлкен жуўапкершилик те екенин ҳәммеңиз жақсы түсинесиз.

Сенатор – бул дәслеп халық ҳәм мәмлекеттиң исенимине ерискен инсан. Ол терең билим, бай турмыслық тәжирийбеге ийе болған, тынымсыз мийнет етип, баслама көрсетип жасайтуғын, халықтың мәплерин бәрқулла биринши орынға қойып, өз тәғдирин елдиң тәғдири менен тығыз байланысқан ҳалда көретуғын шахс болып есапланады.

Биз сизлердиң тымсалыңызда мине усындай жетик ҳәм белсенди шахсларды көз алдымызға келтиремиз.

Сенаттың жаңа қурамы бираз жоқары профессионал дәрежеде қәлиплескенин атап өтиў керек. Оны сенат ағзаларының 20 сын экономистлер, 19 ын инженерлер, 13 ин педагоглар, 7 ин ҳуқықтаныўшылар, 6 ын медицина хызметкерлери, 5 ин агрономлар, 4 ин журналистлер ҳәм 12 син жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қурағаны, олардың арасында 16 сы илим докторы, 12 си илим кандидаты бар екенлиги де жоқарыдағы пикирди тастыйықлайды. Сондай-ақ, Сенат ағзаларының 25 процентке шамалас ҳаял-қызлар қурамақта. Бул болса жоқары палатаның жумысы жаңаша көзқараслар тийкарында  шөлкемлестирилетуғынынан дәрек береди.

Ҳүрметли жалпы мәжилис қатнасыўшылары!

Жанажан Өзбекстанымыз өз раўажланыўының жаңа басқышына қәдем таслаған кейинги үш жыл Сенат ушын да өзине тән түпкиликли жаңаланыў ҳәм өзгерислер дәўири болды. Сенат тәрепинен көрип шығылған нызамлардың саны дерлик 230 ға жеткени ҳәм соннан 190 нызам кейинги үш жылда мақулланғаны усы бағдарда үлкен жумыс исленип атырғанын көрсетеди. Бул бағдардағы унамлы өзгерислер тек ғана нызамлардың саны емес, ал олардың сапасы менен де байланыслы, десек, дурыс болады.

Усы жерде Сенат комитетлери тәрепинен әҳмийетли басламалар алға қойылғаны ҳәм олар көплеген әҳмийетли мәселелердиң шешимине хызмет еткенин атап өтиў керек. Мысал ушын, Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң қамсызландырыў базарының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслары бул тараўды жетилистириўге байланыслы әҳмийетли қарарларда өз көринисин тапты.

Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети де кең жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усынысларды есапқа алып, әҳмийетли басламаны алға қойды. Ҳәзирги ўақытта усы тийкарда той ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў бойынша әмелий илажлар турмысқа енгизилмекте. Ең баслысы, оларды халқымыз қоллап-қуўатламақта.

Буннан тысқары, Сенатта ишки ҳәм сыртқы ислер министрлериниң мәлимлемелерин тыңлаў әмелияты жолға қойылды. Сенаттың жалпы мәжилислеринде ўәлаят ҳәкимлериниң есабатларын тыңлаў тәртиби енгизилгени парламентлик қадағалаў тараўындағы үлкен әмелий нәтийже, деп айтыў мүмкин.

Сондай-ақ, халықаралық қатнасықлар тараўындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиўдиң көриниси сыпатында Сенатта 25 парламентлераралық топар ҳәм 2 комиссияның жумысы жолға қойылды.

Ҳүрметли сенаторлар?

Жоқары палата жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жақын ҳәм узақ келешекте төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў зәрүр, деп есаплайман.

Бириншиден, халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиўдиң нәтийжели системасын жаратыўымыз керек.

Үш жыл бурын сенаторлар тәрепинен, тиккелей орынларға шыққан ҳалда, аймақлардағы машқалаларды ү   йрениў ҳәм жергиликли кеңеслерде додалаў әмелияты жолға қойылды. Бирақ, ҳәзирги ўақытта бул бизлер күткен нәтийжелерди берди, деп айта алмаймыз. Орынларда еле оғада көп машқалалар өз шешимин күтип турыпты. Мәселен, жол қурылысы тараўында жәми 184 мың километр болған автомобиль жолларының 70 мың километри ямаса 38 проценти қайта қурыўға мүтәж.

Адамлардың ең көп наразылықларына себеп болып атырған коммуналлық хызмет тараўын алып қарайтуғын болсақ, бул бағдарда да бир қатар машқалалар бақланбақта. Мәселен, бар 633 қазанхананың 25 проценти ҳәм 4 мың километрлик ыссылық тармағының 75 проценти жарамсыз жағдайда.

Ең ашынарлысы, республикамызда орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси дерлик 68 процентти қурайды. Бул көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында 60 проценттен де төмен болып келмекте.

Қала қурылысы тараўында мәмлекетимизде 1 мың 200 елатлы пункттен тек ғана 232 си ямаса 19 проценти бас режесине ийе. Денсаўлықты сақлаў тараўында республикамыз бойынша 13 мың улыўма әмелият врачлары ҳәм тар бағдардағы қәнигелер жетиспейди.

2019-2020-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплеринде 2 мың 700 ден аслам педагог кадрларға талап бар болса, мектеплердиң үскенелениў дәрежеси 79 процентти қурамақта. Соның менен бирге, 3 мыңға шамалас мектепте ишимлик суўы тасып келтириледи, 261 мектеп болса суў менен тәмийинленбеген.

Мийнетке жарамлы халық арасында жумыссызлық дәрежеси 8,9 процентти, ҳаял-қызлар арасында 12,5 процентти қурайды. Мәмлекетимизде жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде 2 мың 400 мийнет ярмаркасы өткерилген. Соған қарамастан, жумыс излегенлердиң оғада аз бөлеги жумысқа орналастырылған.

Әлбетте, узақ ўақыт даўамында халық пенен жақыннан пикирлеспегени, оның дәрти ҳәм тәшиўишлерин ҳәр тәреплеме үйренип, шешиў илажлары көрилмегени ақыбетинде мине усындай жәмийетлик машқалалар жыйналып қалғаны ҳеш кимге сыр емес. Биз бул мәселелердиң шешимин табыў мақсетинде әҳмийетли бағдарламалар қабыл етип, усы тийкарда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыздан, ҳәммеңиздиң хабарыңыз бар, деп ойлайман. Бул машқалаларды толық сапластырыў ушын әлбетте ўақыт керек, үлкен қаржы ҳәм күш-имканиятлар зәрүр. Орайда ҳәм орынларда атқарыў уйымларының пүткил жумысы мине усы мәселелерге қаратылып атырғаны да сизлерге жақсы белгили.

Өз гезегинде, сенаторларымыз да бул бағдарда баслама ҳәм шөлкемлестириўшиликти өз басшылығына алып, анық усыныслар киргизсе, мақсетке муўапық болар еди. Сол себепли, Сенаттың ҳәр бир комитети өз жумыс режесин аймақлық машқалалардан келип шығып қәлиплестириўи керек.

Әсиресе, Сенаттың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен қабыл етилген Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаў бойынша тастыйықланған индикаторларға ерисиў үстинен мониторинг алып барыўы мақсетке муўапық болып есапланады. Себеби, жоқарыда санап өтилген барлық машқалалар Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери менен үнлес болып есапланады.

Сондай-ақ, үйренилген мәселелер бойынша тиккелей орынларға барып, министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының қатнасыўында Сенат кеңеси ҳәм комитетлериниң көшпели мәжилислерин өткериў зәрүр. Бул әмелият халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды жеделлик пенен шешиў имканиятын береди.

Екиншиден, реформаларымыздың бүгинги басқышы Ҳүкимет, барлық министрликлер ҳәм уйымлар және ҳәкимликлердиң алдына кескин талаплар қойып атыр. Бул талаплар нызамларда, Президент пәрманлары ҳәм қарарларында, ҳәр қыйлы мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламаларда өз көринисин тапқан.

Соның ушын министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары көбирек аймақларда болып, орынлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелердиң шешими бойынша тийисли илажларды белгилеп алмақта. Бирақ, олардың орынланыўын ким қадағалайды? Әлбетте, халықтың исенимине кирген сенаторлар бул бағдарда тийкарғы интакер болып, жуўапкершиликти өзлерине алыўы зәрүр.

Усы көзқарастан қарағанда, Сенат министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимлердиң усы илажлардың орынланыўы бойынша есабатын турақлы додалап барыўы керек. Бул процессте есабат тек ғана есабат ушын болып қалмаўы керек. Керисинше, есабатларды додалағаннан кейин белгили тараў ямаса аймақта анық өзгерислер болыўы зәрүр.

Парламентлик қадағалаўдың нәтийжелери тийкарында жумысы қанаатландырарсыз, деп табылған басшылардың лаўазымында қалыў ямаса қалмаў мәселеси бойынша Сенат тәрепинен Ҳүкимет алдына мәселе қоятуғын ҳәм тәсиршең илажлар көретуғын ўақыт келди, деп ойлайман.

Әмелдеги нызамларға тийкарланып Сенат парламентлик қадағалаў нәтийжелери бойынша дерлик Ҳүкимет ағзасын мийнет дем алысына шығарыў ҳаққында Президентке усыныс киргизиў мүмкин.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, ҳүрметли Сенат ағзаларына мүрәжат етип айтпақшыман: анық таллаў ҳәм тийкарлар менен киргизилген усынысларды мен көрип шығыўға таярман.

Үшиншиден, жаслар ҳәм билимлендириў мәселелери Сенаттың турақлы итибарында болыўы керек.

Абдулла Авлонийдиң «Тәрбия биз ушын я өмир – я өлим, я нәжет – я апат, я бахыт – я пәлекет мәселесидур», деген сөзлерин қайта-қайта айтыўдан шаршамайман. Неге десеңиз, бул пикир бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе екенин умытпаўымыз керек.

Жасларымыз кимниң әўладлары екенин терең аңлаўы керек. Соның менен бирге бүгинги реформа ҳәм өзгерислер өз-өзинен болмай атырғанын билиўи зәрүр.

Жақында жаслар менен болып өткен ушырасыўда усы жылы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта түпкиликли бурылыс жасаў бойынша үлкен мақсетлерди белгилеп алдық. Атап айтқанда, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын шараят жаратыў, қәбилет ҳәм талантын жүзеге шығарыў, әсиресе, ҳаял-қызларымыздың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың машқалалары менен турақлы түрде шуғылланыў, қыз балаларды еркин турмысқа таярлаў, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға байланыслы ўазыйпалардың орынланыўын Сенат қадағалап, жуўапкер басшылардың жаслар машқалаларын шешиў бағдарындағы жумысына байланыслы есабатларын тыңлап, тийисли илажлар көрип барса, мақсетке муўапық болар еди.

Төртиншиден, Сенат аймақлық ўәкиллик палатасы сыпатында Мәмлекетлик бюджет жойбарын көрип шығыўы ҳәм оның орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды орнатыўы зәрүр.

Биз 2020-жыл ушын Мәмлекетлик бюджетти биринши рет нызам менен тастыйықлаў әмелиятын басладық. Конституциямызға муўапық, бюджетти қабыл етиў ҳәм оның орынланыўын қадағалаў Олий Мажлис палаталарының биргеликтеги ўәкиллиги есапланады.

Бирақ, нызамларда бюджеттиң орынланыўын тек ғана Нызамшылық палатасы тәрепинен қадағалаў тәртиплери белгиленген. Ажыратылып атырған қаржылардың министрликлер ҳәм уйымлар бойынша, әсиресе, аймақлар кесиминдеги орынланыныў үйрениў Сенаттың да тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек. Усы мүнәсибет пенен нызамларға тийисли дүзетиўлер киргизиў мақсетке муўапық болып есапланады.

Сизлерге жақсы белгили, Нызамшылық палатасында Мәмлекетлик бюджет басқармасы шөлкемлестирилген еди. Бул қысқа мүддетте өзиниң дәслепки унамлы нәтийжелерин көрсете баслады. Жоқары палатамызда да мине усындай жумысты әмелге асырыў мақсетинде Сенатта өз алдына структура шөлкемлестириўди усыныс етемен. Усы структура Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў процесслери үстинен аймақлардың мәпинен келип шыққан ҳалда қадағалаў алып барыўда сенаторлардың тийкарғы жәрдемшиси болады, деп исенемен.

Бесиншиден, жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы тараўларындағы әҳмийетли мәселелерди шешиўде парламентлик сораў институтынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.

2010-2014-жылларда Сенат тәрепинен дерлик 3 парламентлик сораўы жиберилген болса, кейинги бес жылда 26 парламентлик сораўы ҳәм 700 ден аслам сенатор сораўы жиберилген. Келешекте парламентлик сораў өз алдына ўәлаят, район, қала көлеминдеги әҳмийетли мәселелерди де қамтып алса, мақсетке муўапық болар еди. Бирақ, сенатор сораўларының сапа ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша еле алдымызда көп жумыслар тур.

Тилекке қарсы, мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен сенаторлардың сораўларына жуўап бермеў жағдайлары да бар.

Сенатордың сораўын писент етпеў – бул халыққа болған писент етпеўшилик, деп баҳаланыўы керек. Бундай жағдайға жол қоймаў ушын сенатор сораўын аймақлардың мәплеринен келип шыққан ҳалда қәлиплестириў, оның нәтийжесине байланыслы мәлимлемени Сенаттың комитет мәжилислери ҳәм жалпы мәжилислеринде додалаў зәрүр.

Алтыншыдан, Сенаттың жергиликли Кеңеслер менен бирге ислесиўин, олардың жумысына әмелий ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумысын және де күшейтиў керек.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде жоқары палатамыздың бул бағдардағы жумысы төменлигинше қалмақта. Ең ашынарлысы, жергиликли Кеңеслер аймақлардағы әҳмийетли мәселелердиң шешимин табыўда өз ўәкилликлеринен дерлик пайдаланбай атыр.

Бизге белгили, кейинги дәўирде, әсиресе, соңғы үш жылда жергиликли Кеңеслердиң қадағалаў жумысын күшейтиўге қаратылған ҳуқықый тийкарлар жаратылды. Соның ишинде, ҳәким, ҳәкимниң орынбасарлары, прокуратура, әдиллик, ишки ислер, қаржы, салық ҳәм денсаўлықты сақлаў уйымлары басшыларының есап бериўшилиги белгилеп қойылды.

Нызамшылықта жергиликли Кеңеслерге бундай кең ўәкилликлер берилген болса-да, әмелде олардың нәтийжеси көринбей атыр. Сенат комитетлери жергиликли Кеңеслер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қоймағаны да буған себеп болмақта.

Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўда мен, биринши гезекте, сиз, ҳүрметли сенаторларға сүйенемен. Соның ушын турақлы түрде ислейтуғын сенаторларды жергиликли Кеңеслерге бириктириўди нәзерде тутатуғын жаңа система жаратыў керек. Буны сайлаўларда бақлаўшы болып қатнасқан халықаралық шөлкемлердиң ўәкилликлери де усыныс еткен.

Негизинде сенаторлар аймақлардың мәпин қорғайды. Соның ушын сенаторларымыз ҳәр айда биреўден жергиликли Кеңести үлгили ислейтуғын етип берсе, әлбетте халқымыз олардан разы болады.

Усы мүнәсибет пенен жергиликли Кеңеслерде сенатордың кабинетин шөлкемлестириў орынлы болады. Соның менен бирге, Сенат Баслығы, аймақларда барлық сенаторларды тартқан ҳалда, жергиликли Кеңеслер депутатларының системалы оқыўын шөлкемлестириў әмелиятын енгизиў керек.

Сенат Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен биргеликте, пүткиллей жаңа болған системаны, яғный Сенаторлар мектебин қәлиплестириў керек. Себеби, орынларда депутатлар корпусы қаншелли күшли болса, жергиликли Кеңеслер ҳәм әлбетте Сенат та соншелли күшли болады.

Ҳүрметли сенаторлар, мен сизлердиң ҳәр бириңизди көпти көрген, халықтың ишинде үлкен абырай-мәртебеге ийе, орынлардағы машқалаларды ҳәм оларды шешиў жолларын жақсы билетуғын адамлар деп билемен. Ҳәммеңиз пидәкер ҳәм интакер болып, өз әмелий жумысларыңыз бенен сенатор сыпатында мәмлекетимиз тарийхында ат қалдырыўыңызды қәлеймен.

Енди атқарыўшы ҳәкимият жаман жумыс алып барып атыр, деп налып отыратуғын ўақыт өтти. Атқарыў уйымларының жумысы үстинен ким қадағалаў алып барыўы керек? Бәринен бурын, сенаторлар емес пе?

Төменги кеңеслер қаншелли белсенди болса, Сенаттың жумысы соншелли нәтийжели болады. Орынлардағы атқарыў уйымларын жедел ислетиў көп жағынан сенаторларымызға байланыслы.

Сенаторлар орынлардағы басшылардың есабатын тыңлаўы, мәмлекетимиз дәрежесинде шешилетуғын мәселелерди Сенаттың додалаўына киргизип барыўы керек. Усы жумысты нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жергиликли Кеңеслердиң жумыс сапасын арттырыў мақсетинде оларда турақлы түрде ислейтуғын секретариат дүзиўди усыныс етемен.

Сондай-ақ, халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда, Кеңеслерге министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық структуралары басшыларының өз лаўазымына ылайықлылығы бойынша усыныс киргизиў ўәкиллигин берсек, не дейсизлер?

Бизге белгили, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамда Кеңеслердиң нызам ҳүжжетлерине қайшы келетуғын қарарлары Олий Мажлис тәрепинен белгиленген тәртипте бийкар етилиўи нәзерде тутылған. Бирақ, усы күнге шекем норманы әмелге асырыў механизми ислеп шығылмаған.

Сенат аймақлық ўәкиллик палатасы екенин есапқа алып, Кеңеслердиң нызамға қайшы келетуғын қарарларын бийкар етиў ўәкиллигин жоқары палатаға бериў дурыс болады, деп ойлайман.

Жетиншиден, коррупцияға қарсы кескин гүресиў орталығын жаратыўда Сенаттың ролин күшейтиў зәрүр.

Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметкерлер, ҳәттеки жоқары лаўазымлардағы жуўапкер шахслар тәрепинен жүз берип атырған коррупцияға байланыслы жынаятлар да анықланбақта. Бул ҳаққындағы хабарлар ғалаба хабар қуралларында тез-тезден жәрияланбақта. Әсиресе, белгили бир аймақтың тәғдири исенип тапсырылған айырым лаўазымлы шахслардың парахорлық ҳәм коррупция жынаятына қол урып атырғанлығы тәшиўишли жағдай болып есапланады.

Орынлардағы басшылардың нызамға қарсы ҳәрекети аймақларда турақлы түрде жумыс алып барып атарған сенаторлардың дыққат-итибарында болыўы керек. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир сенатор коррупцияға қарсы гүрестиң алдынғы  қатарларында болыўы шәрт. Сенат ағзалары жәмийетте қызғын пикир-таласларға себеп болған жағдайлар бойынша, жалпы мәжилисти күтип отырмай-ақ, тез тыңлаўларды шөлкемлестирип, жуўапкер шахслардан түсиник талап етиўи зәрүр.

Сегизиншиден, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықтың өз ўақтында алдын алыў мәселеси Сенаттың турақлы итибарында болыўы керек.

Кейинги жылларда жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында бир қатар жумысларды әмелге асырдық. Бирақ, бул тараўда алдымызда еле өз шешимин күтип атырған мәселелер бар. Мәселен, өткен жылы мәмлекетимиз бойынша жынаятқа қол урған 47 мыңнан аслам шахстың 12 мыңын ямаса 25 процентин жаслар қураған.

Бул көрсеткиш Қашқадәрья, Хорезм ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында 39 проценттен ибарат болса, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларында 38 проценттен артқан. Бирақ, тилекке қарсы, әне усы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Сеннатың көшпели  мәжилислери өткерилип, бундай оғада тәшўишли жағдай терең додаланбаған. Ҳәмме шетте  тамашагөй болып отырыпты.

Өзиңиз айтың, бундай аўҳалда ертең қандай жағдайға түсип қаламыз?

Бундай бийпәрўалық ҳәм итибарсызлық енди тарийхта қалыўы керек. Жаңа  сенаторларымыз ҳәр бир мәселе бойынша тез мүнәсибет билдириўи ҳәм зәрүр илажлар көрип бараўы тийис.

Буннан тысқары, жалатайлық ҳәм алдаўшылық пенен байланыслы жынаятлар саны артып бармақта. Соның ушын орынларда жынаятшылыққа қарсы гүрес алып баратуғын уйымлардың жумысы сенаторлардың турақлы қадағалаўында болыўы тийис.

Хабарыңыз бар, кейинги 3 жылда өз қылмысына шын  кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 4 мыңнан аслам шахс кеширилип, өз жақынларының қушағына қайтарылды. Бул инсанлар келешекте өмирде өз орнын табыўда да сенаторлардың айрықша үлеси болады, деп ойлайман.

Егер өз ўақтында зәрүр илажларды көрип, кеширилгенлердиң жәмийетлик турмысқа бейимлесиўин тәмийинлемесек, әпиў етиў ҳаққында биз қабыл еткен пәрманлардың абырайы, тәсири не  болады?

Тоғызыншыдан, Сенат мәмлекетлик уйымлардың жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин арттырыў бағдарындағы жумысы үстинен қадағалаўды күшейтиўи лазым.

Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде бир қатар илажлар белгиленген. Барлық дәрежедеги басшыларға ҳаяллар, әсиресе, жас қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиледик.

Әне усы ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаўда  Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети белгили бир жумыс алып бармақта. Келешекте де усы комитет гендер теңликти тәмийинлеў, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған  ҳаял-қызларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигине жәрдемлесиўге байланыслы ўазыйпалардың оранланыўын турақлы үйренип барыўы зәрүр. Оның нәтийжеси бойынша жуўапкер уйымлардың басшыларының есабатын тыңлап, олардың жумыс нәтийжелигин арттырыўға жәрдемлесиў лазым.

Әлбетте, Сенатта бул бағдарда азы-кем жумыслар исленбекте. Бирақ жергиликли Кеңеслерде бул мәселе бойынша итибарға ылайық додалаўлар дерлик өткерилмеген.

Атқарыў уйымларында, министрлик ҳәм уйымларда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳүрметли апа-қарындасларымызға жуўапкерли лаўазымларды исенип тапсырыў бойынша  көплеген жумыс ислеўимиз керек. Неге дегенде, ҳаялларымыз турмыслық машқалаларды басқаларға қарағанда тереңирек билиўи, пидайылығы, күшли жуўапкершилик сезими, мийнетсүйгишлиги менен бәршеге өрнек болады.

Оныншыдан, Сенат  жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумысларды және де күшейтиў зәрүр.

Усы жерде, жоқары палатамыз жәмийетшилик, әсиресе, ғалаба хабар қураллары менен тығыз биргеликте жумыс алып барып атырғанын атап өтиў керек. Сенат жумысына мәлимлеме-коммуникация техгологиялары кеңнен енгизилди ҳәм жоқары палатаның арнаўлы веб-порталы жаратылды.

Соңғы ўақытлары Сенат мәжилислерин тиккелей эфир арқалы көрсетиў әмелиятиның енгизилиўи халықшыл парламентти қәлиплестириўдиң әҳмийетли факторы ҳәм халық алдында есабат бериўдиң нәтийжели қуралына айланбақта. Усы бағдарда алып барылып атырған жумысларды системалы тәризде даўам еттириў зәрүр. Сондай-ақ, Сенатта бул бағдардағы унамлы әмелиятты жергиликли Кеңеслердиң жумысына да енгизиў жақсы нәтийже береди, деп ойлайман.

Гезектеги әҳмийетли ўазыйпа – парламент палаталарының нызам дөретиўшилиги процесиндеги бирге ислесиўин беккемлеўден ибарат.

Бул бағдарда әҳмийетли бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

Еки палаталы парламент шөлкемлестирилгенинен баслап ҳәзирги күнге шекем улыўма 9 нызамнан Сенат тәрепинен бас тартылған. Бул көрсеткиш 2005-жылдан бүгинги күнге шекем қабыл етилген барлық нызамлардың тек ғана 1,5 процентин қурайды. Бул көрсеткиш көпшилик раўажланған мәмлекетлерде буннан бир неше мәрте жоқары екенлигин атап өтпекшимен.

Биз нызамның Сенат тәрепинен бас тартылыўына унамсыз жағдай деп емес, ал, сапалы нызамларды қабыл етиўге қаратылған демократиялық процесс сыпатында баҳа бериўимиз керек.

Және бир әҳмийетли мәселе – нызамлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў Сенаттың конституциялық ўәкиллиги есапланады.

Айырым жағдайларда нызамларды әмелге асырыў механизми болмағанлығы олардың толық ислемеўине себеп болмақта. Атап айтқанда, бундай механизм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде нәзерде тутылған болса да, оларда өз-ара муўапық келмейтуғын жағдайлар бар.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў тиккелей Әдиллик министрлигиниң ўазыйпасы есапланады. Усы көз қарастан, Әдиллик министрлигиниң бул бағдардағы жумысы парламентлик қадағалаўдың орайында болыўы лазым.

Бизге белгили, парламент жумысын сапалы  мәлимлеме-таллаў материаллары менен тәмийинлеў мақсетинде Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты шөлкемлестирилген еди. Реформа талапларынан келип шығып, усы институттың жумысын және күшейтиўимиз, оны депутат ҳәм сенаторлардың шын мәнисиндеги жәрдемшисине айландырыўымыз зәрүр. Атап айтқанда, нызам жойбарларының қызғын додалаўын өткериў ҳәм қабыл етилген нызамлардың әмелияттағы тәсиршеңлигин баҳалаў бойынша институт жумысының нәтийжелигин арттырыў талап етиледи. Сонлықтан да парламент усы институттың жумысын түпкиликли жетилистириў мәселесин көрип шығыўы мақсетке муўапық болып есапланады.

Және бир әҳмийетли мәселе – сырт мәмлекетлер менен қатнасықларды раўажландырыўда жоқары палатаның ролин және де күшейтиў лазым.

Өзбекстанның абырай-мәртебесин арттырыў, халықаралық байланысларды раўажландырыў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў Сенаттың әҳмийетли ўазыйпасы болып қалады. Сенаттың усы бағдардағы жумысының нәтийжелигин күшейтиў мақсетинде ҳәр жылы анық бир темаға бағышланған халықаралық конференцялар, ушырасыў ҳәм форумлар өткериў ушын режелер ислеп шығыў ҳәм оларды Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте әмелге асырыў зәрүр. Мәселен, демократиялық реформаларды тереңлестириў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерди кеңнен додалаў мақсетке муўапық болып есапланады.

Сенат сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиў мәселелери бойынша ҳәр жылы бағдарламалар қабыл етип, орынланыўын қатаң қадағалаўға алса, бул жақсы әмелият болған болар еди. Сол мақсетте Парламент дипломатиясы концепциясын қабыл етиўди тезлетиў керек.

Соның менен бирге, Парламентлераралық Аўқам, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламент ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының Парламентлераралық ассамблеясы менен өз-ара бирге ислесиўди анық ҳәм үзақ мүддетли жумыс режелери тийкарында даўам еттириў лазым. Буннан тысқары, Олий Мажлиске ағза болыўы күтилип атырған Түркий тиллес мәмлекетлердиң Парламентлик ассамблеясы ҳәм басқа да халықаралық парламент структуралары шеңберинде де бирге ислесиўди күшейтиў керек.

Бул бағдарда бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

Бизге белгили, Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги елшилерин тайынлаў Сенаттың ўазыйпасы болып, бул процессте олардың ендиги жумысы ушын белгилеп алынған бағдарламалары тыңланады. Бирақ, оннан кейин не? Сенат пенен елшилердиң өз-ара қатнасықларын раўажландырыўға зәрүрлик бар ма? Әлбетте, бар. Усы себепли Сенаттың сырқы сиясий ҳәм экономикалық  бирге ислесиў тараўындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда жоқары палатада Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги елшилери есабатын тыңлаў әмелиятын жолға қойыўымыз керек.

Ҳүрметли сенаторлар!

Енди күн тәртибине киргизилген шөлкемлестириў мәселесине өтетуғын болсақ, ең дәслеп, Сенаттың Баслығы ҳәм оның орынбасарларын сайлаў ҳаққындағы мәселени көрип шығыўымыз зәрүр.

Бизге белгили, Конституциямыздың 93-статьясына муўапық, Сенат Баслығына талабан Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усынылыўы белгилеп қойылған. Әне, усы нормаға тийкарланып, көпшилик, соның ишинде, тәжирийбели сенаторлар менен мәсләҳәтлесип, терең ойланған ҳалда, мен Олий Мажлис Сенатының Баслығы лаўазымына сенатор Танзила Камаловна Нарбаеваның кандитурасын усынбақшыман.

Танзила Камаловна кейинги 30 жылда түрли жуўапкерли басшылық лаўазымларында жемисли мийнет етип келмекте. 1995-2010-жылларда Министрлер Кабинетинде аналық ҳәм балалық, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў мәселелери менен шуғылланған. 2010-2016-жылларда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңесиниң баслығы, 2016-2019-жылларда Бас министрдиң орынбасары – Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымларында нәтийжели мийнет етти. Кейинги алты айда Сенат Баслығы сыпатында үлкен жумысларды әмелге асырды.

Танзила Камаловна басқарыў, жәмийетшилик жумысларда үлкен тәжирийбе топлаған билимли басшы кадрларымыздан бири, десек, қәте болмайды.

Ҳүрметли сенаторлар!

Бүгин бәршеңизди усы талабанды толық қоллап-қуўатлағаныңыз ҳәм өз ҳүрметиңизди билдиргениңиз Танзила Камаловнаға үлкен исеним ҳәм ғайрат бағышлайтуғынына гүман жоқ.

Ҳүрметли Танзила Камаловна, Сизге жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа әўметлер ҳәм үлкен жеңислер тилеймен.

Енди Сенат Баслығының орынбасарлары лаўазымына талабанлар ҳаққында айтатуғын болсақ, мен бул ўазыйпаларға төмендеги талабанларды усыныс етпекшимен.

Сенат Баслығының биринши орынбасары лаўазымына Содиқ Сафоевтың кандидатурасын усыныс етемен.

Бул инсан 30 жылға шамалас ўақыт даўамында сыртқы сиясат ҳәм сыртқы экономикалық мәселелер тараўында табыслы жумыс ислеп келмекте. Түрли жылларда сыртқы ислер министри, Өзбекстанның Германия ҳәм АҚШтағы Айырықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси болып ислеген. 2015-2016-жылларда Олий Мажлис Сенатының Сыртқы сиясат мәселелери комитетиниң баслығы, 2016-жылдан берли болса Сенат баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келмекте.

Содиқ Солиҳовичти бәршеңиз шебер дипломат, халықаралық майданда белгили жәмийетлик ғайраткер сыпатында жақсы таныйсыз. Бул басшы да өзине жүкленген ўазыйпаларды мүнәсип орынлаўына тилеклеспен.

Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына сенатор Муса Тажетдинович Ерниязовтың кандидатурасын усыныс етемен.

Бул уллы инсан, ақсақалымыз өз жумысын қурылыс тараўынан баслап, соңынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары лаўазымында хызмет еткен. Қарақалпақ елиниң үлкен ҳүрметине ерисип, 2002-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, бир ўақыттың өзинде Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ислеп келмекте.

Өткен жылы мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў, реформалар процесиндеги пидайылығы, ибратлы жумысы ушын Муса Тажетдиновичке Өзбекстан Қаҳарманы деген жоқары атақ берилгенинен бәршеңиз хабардарсыз.

Бул көпти көрген, тәжирийбели ҳәм интакер басшы, кишипейил ҳәм мийнеткеш инсан менен сенаторлар биргеликте нәтийжели ислейди, деп исенемен.

Сенат Баслығы орынбасары лаўазымына сенатор Зайниддин Маҳаматович Низамходжаевтың кандидатурасын усыныс етемен.

Медицина илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Қаҳарманы Зайниддин Маҳаматовичти бул залда отырғанлардың ҳәммеси жақсы таныйды, деп ойлайман. Узақ жыллар даўамында халқымыздың денсаўлығы, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларының раўажланыўы жолында үлкен жумысларды әмелге асырып келмекте. Бул инсан кейинги 5 жылда Олий Мажлистиң тийсли комитетиниң баслығы сыпатында белсене жумыс алып барды.

Зайниддин Маҳаматович жаңа жуўапкершиликли лаўазымда сизлер менен тығыз бирге ислесиўде табыслы жумыс ислейтуғынына исенемен.

Ҳүрметли Сенат ағзалары!

Әлбетте, ҳәзир айтып өтилген ўазыйпалар барлық сенаторлардан жоқары жуўапкершилик, интакерлик ҳәм пидәкерликти талап етеди. Усы ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асрылыўы Сенатты келешекте профессионал палатаға айландырыў бағдарындағы дәслепки әҳмийетли қәдем болады, деп исенемен.

Бүгин көп миллетли халқымыз биз, басшылардан, бәринен бурын, жаңа сайланған депутат ҳәм сенаторлардан турмысымызды және де еркин, абат, ҳәм азат етиўге қаратылған әмелий жумысларды күтпекте. Бәршемиз сайлаўшылар алдында, ўатанласларымыз алдында бизге билдирилген жоқары исенимге ҳәр тәреплеме мүнәсип болыўымыз керек.

Ҳәр күни, ҳәр саатта ҳүжданымыз алдында есап берип, ҳадал-пәк болып, елимиздиң пайдасын ойлап ислесек, мен исенемен, халқымыз да, Жаратқан да бизден разы болады.

Мине усындай ийгиликли мақсет жолында бәршеңизге беккем денсаўлық, күш-ғайрат ҳәм әўмет тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.