Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, салық уйымлары тәрепинен 2020-жыл 1-январьдан әмелиятқа енгизилген салық тараўындағы өзгерислер  ҳәм жаңа редакциядағы Салық кодексиниң мазмун-мәнисин исбилерменлик субъектлерине жеткериў мақсетинде ушырасыўлар өткерилмекте.

Оларда, инсаплы исбилерменлик субъектлериниң жумысларында ҳеш қандай тексериўлердиң өткерилмейтуғынлығы атап өтилип, оларды салықларды белгиленген мүддетлерде төлеп барыўға, салық есабатларын усынған ҳалда ҳадал исбилерменлердиң қатарына қосылыўға шақырмақта.

Салық кодексиндеги көшпели салық тексериўи, камерал салық тексериўи ҳәм салық аудити сыяқлы тексериў түрлери ҳаққында да мағлыўматлар берилмекте.

Сондай-ақ, илажлар даўамында жеке исбилерменлерге де кодексте белгиленген өзгерислер бойынша түсиник берилмекте.

 

 

– Жаңа редакциядағы Салық кодексинде жеке исбилерменлик ушын да бир қатар қолайлықлар жаратылған,-дейди жеке исбилермен Ш.Арсенбаева. – Атап айтқанда, жеке исбилерменлер ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммалары, жумыс түрлери аймақлар кесиминде белгилеп берилген. Мен өзим жеке исбилермен сыпатында саўда менен шуғылланаман. 2019-жыл қатаң белгиленген бир айлық суммада биз 750 мың сум төлейтуғын едик. Енди болса, жаңа тәртипке муўапық, 2020-жылдан баслап 750  мың сумның орнына 600 мың сум төлеймиз. Биз буннан қуўанышлымыз.

Әлбетте, бүгин исбилерменлер елимиз экономикасының таянышына айланбақта. Оларға усындай қолайлықлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген жаңа редакциядағы Салық кодекси елимизде исбилерменликтиң және де раўажланыўына хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.