Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине ҳәм    «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық Отаров Полат Жуманович Қараөзек районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, П.Отаров усы күнге шекем Қараөзек районы мәмлекетлик тоғай хожалығының директоры лаўазымында жумыс ислеп келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги