Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде 16-январь күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм жоқары оқыў орынларының ректорлары қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда журналистлердиң «2019-жылдың сентябрь айынан баслап жоқары оқыў орынлары студентлерине жаңа тәртипте стипендия төленип атырғаны, бул болса әмелдеги нызамшылыққа қаншелли сәйкес келиўи» ҳаққындағы сораўларына министр орынбасары С.Бузрукхонов жуўап берген.

– Бизде 2004-жылы тастыйықланған ҳәм ҳәзирги ўақытта да әмелде болған инструкция бар. Усы 1339-санлы мәкемелик ҳүжжетти Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Қаржы министрлиги тастыйықлаған. Стипендия белгилеўди де усы ҳүжжет тийкарында жолға қойғанбыз, – деди С.Бузрукхонов.

Министр орынбасарының мәлим етиўинше, бул системаға өтилгениниң унамлы тәреплери де бар. Бул тәреплерин де ҒХҚ кең жәмийетшиликке жеткериўи керек. Оның атап өтиўинше, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри бир неше күн алдын 5 ҳәм 4 баҳаға оқыған студентлерге қосымша хошамет берилиўин айтқан. Бул бойынша усы күнлерде Министрлер Кабинетиниң қарары да шығыўы күтилмекте.

– Биз стипендияны 400 мың сум ҳәм контракт төлемисиз етип белгилегенимиз Өзбекстан халқына үлкен имканият берди. Буны болса ҳеш ким айтып атырған жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 195 890 ямаса 72% студент (күндизги билимлендириў) стипендиясыз оқымақта ҳәм олар контракт ушын пул төлемейди. Бул да бир имканият. Биз буны артқа қайтармаймыз. Артқа қайтылмайды да. 62% студент 3 баҳасына оқыйтуғын еди. Бул дерлик 200 мың студент дегенди аңлатады. Бул артқа қайтарылмайды.

Ертең Министрлер Кабинетиниң қарары шығады ҳәм барлығы өз орнына түседи. Биз буны артқа қайтарсақ, 200 мың студенттен де пулын қайтарып алыўымызға туўра келетуғын еди. Буған қандай реакция болады? Буны қайтарыў нийетимиз жоқ, тек ғана студентлерге хошаметлеў пулын беремиз.

Бул мәселеде және өз алдына брифинг шөлкемлестирип, журналистлерге әлбетте жеткеремиз, – деп айтып өткен министр орынбасары С.Бузрукхонов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.