2019-жыл даўамында судланғанлардың 21,6% и (165 адам) алдын судланғанлар, 11% и (83 адам) ҳаял-қызлар, 2,5% и (19 адам) 60 жастан жоқары болған ересек адамлар, 3,8% и (29 адам) ержетпегенлерден ибарат. Бул ҳаққында бүгин, 18-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында ҚР жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева мағлыўмат берди.

Ҳаял-қызлар тәрепинен әмелге асырылған жынаят түрлериниң басым көпшилиги өзгениң мүлкин алдаўшылық пенен ийелеў, пара бериў, урлық, өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў, валюталарды нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў, кемситиў менен байланыслы жынаятлар болып есапланады.

Ҳаял-қызлар тәрепинен әмелге асырылған жынаятлар 2018-жылға салысырғанда 41,1% ке азайған. 2018-жыл бул көрсеткиш 141 ге тең еди. Районлар кесиминде алып қарағанда, Әмиўдәрья, Кегейли, Тақыятас ҳәм Хожели районларында ҳаял-қызлар жынаятшылығы сезилерли дәрежеде артқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.