Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен өткен 2019-жыл даўамында 1 245 адамға 1 040 жынаят иси көрип шығылған ҳәм тамамланған. Бул ҳаққында бүгин, 18-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында ҚР жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, 2019-жылы 2018-жылға салыстырғанда жынаят ислери 28% ке азайған. 2018-жыл 1 793 адамға қарата 1 453 жынаят иси көрип шығылған ҳәм тамамланған еди.

Районлар кесиминде Мойнақ ҳәм Хожели районларында жынаят ислери көрсеткиши бираз көбейгени мәлим болды.

Судланған адамлар өткен жылы улыўма 761 ди қураған болса, бул көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда 33% ке азайғанын (2018-жылы 1 137 адам судланған – И.М.) көриўимиз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўрети.