Бүгин, 18-январь күни Ташкент қаласында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы сиясий кеңесиниң мәжилиси болып өтпекте, деп хабар берди Kun.uz басылымы.

Сайлаўларда ӨзЛиДеП Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 53 депутатлық орынды ийелеп, елимиз тарийхында төртинши мәрте парламенттеги ең үлкен фракцияны шөлкемлестирди.

Жыйналыста Конституцияның 98-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасының Бас министрлигине талабан көрсетиў мәселеси кеңес ағзалары тәрепинен додаланды ҳәм Бас министр лаўазымына Абдулла Арипов кандидатурасы усынылды және мақулланды.

Нызамшылыққа муўапық, Бас министрликке мақулланған талабан партия тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентине көрип шығыў ушын усынылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.