Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен тийисли тараў хызметкерлери менен биргеликте ҳәзирги ўақытта браконьерлик пенен шуғылланыўшыларды, өсимликлер дүньясына зыян келтириў фактлерин анықлаў мақсетинде арнаўлы рейдлер өткерилмекте.

10-январь күни комитеттиң Қанлыкөл районлық инспекциясының инспекторлары тәрепинен өткерилген рейд даўамында, «Қанлыкөл» АПЖда жасаўшы пуқара А.С. өзине тийисли болған трактор менен нызамсыз түрде усы пуқаралар жыйынындағы резервтеги жерден ҳеш қандай ҳүжжетсиз 2,1 тонна боян тамырын қопарып алып кетип баратырғанлығы анықланып, иркилди.

 

 

– Анықланған бул факт бойынша тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, тәбиятқа келтирген зыяны 4 миллион 460 мың сумға баҳаланды,-дейди комитеттиң баспасөз хаткери У.Мырзаназарова. – Топланған ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 60-статьясына муўапық, суд уйымларында көрип шығыў ушын жиберилмекте.

Усындай факт  15-январь күни Әмиўдәрья районында да анықланды. Районлық инспекция хызметкерлери тәрепинен өткерилген рейд илажлары даўамында «Қызылшалы» МПЖ аймағынан усы аймақ турғынлары К.Н, К.Э ҳәм Ж.Р.лар нызамсыз түрде 6 түп тораңғыл ағашларын шаўып машинаға жүклеп атырғанында иркилди.

Бул факт бойынша нызамбузыўшыларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 79-статьясына муўапық ҳәр бирине 1 миллион 115 мың сумнан жәрийма ҳәм тәбиятқа келтирген зыянды қаплаў ушын ҳәр бирине  579 мың 800 сумнан даўа есапланды.

Рейд илажлары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.