Хабарыңыз бар, республикамызда 2020-жыл 1-январьдан баслап ески үлгидеги пуқаралық паспортының әмел етиў мүддети жуўмақланды.

ҚР ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының баслығы Б.Үббиниязовтың мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 627 пуқара ески үлгидеги пуқаралық паспортларын биометрикалық паспортқа алмастыра алмаған.

Мәлим болыўынша, бул пуқаралар биометрикалық паспорт алыў ушын орынлардағы Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине өз ўақтында мүрәжат еткен. Бөлим хызметкерлери тәрепинен оларға биометрикалық паспортлар өз ўақтында таярлап берилген. Бирақ, биометрикалық паспорт ушын мәжбүрий төлемлер өз ўақтында төленбеген.

Конференцияда атап өтилиўинше, Нөкис қаласы ҳәкими 150 кем тәмийинленген пуқараның ески үлгидеги паспортларын биометрикалық паспортқа алмастырыў ушын төлемлерин жергиликли қаржылар есабынан төлеп берген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.