ҚР ИИМ Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында «Қәўипсиз қала» концепциясы бойынша 3 басқышлы – саат 08:00 ден 16:00 ге шекем, 16:00 ден 24:00 ге шекем ҳәм 24:00 ден 08:00 ге шекем – улыўма 24 саат даўамында патруль хызмети шөлкемлестирилген. Бул ҳаққында басқарма баслығы Ш.Абдуллаев бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.

– Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы улыўма 255 бақлаў камерасы жәрдеминде қаланың 80% и қадағалаўға алынған. Сондай-ақ, бул камералардан тысқары қаламыздың адамлар ең көп жыйналатуғын орынларында «SOS-камералары» да орнатылған. Олар 3 секундта ситуациялық орайға байланысып, пуқаралардың жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық ҳәрекетлеринен жәбир көрмеўи, соның менен бирге, басқа да жәрдем керек ўақытларында мүрәжат етиўи ушын хызмет етпекте, – дейди Ш.Абдуллаев.

Сондай-ақ, Нөкис қаласының 7 орнына излеўдеги адамларды анықлаўға хызмет ететуғын арнаўлы камералар орнатылған болып, оларға излеўге берилген адамлар ҳаққындағы барлық мағлыўматлар киргизилген.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қаламыздың ҳәр қыйлы жерлерине орнатылған бақлаў камералары жәрдеминде 2019-жылда 5 жынаят анықланған.

Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери тәрепинен өткен жыл даўамында 19 жынаят тиккелей басқарма хызметкерлери тәрепинен, 56 жынаят бирге ислесиўши мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте анықланған болып, 8 излеўдеги адам усланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўрети.