2019-жыл даўамында Бозатаў районында бирде-бир жынаят жүз бермеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.

Нөкис қаласында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар 2018-жылға салыстырғанда 19%, Тахтакөпир, Қараөзек районларында 30-35% ке азайған болса, Мойнақ ҳәм Беруний районларында керисинше, жынаятшылық бираз көбейген.

– Орынларда ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактикалық аға инспекторлары лаўазымларының шөлкемлестирилгенлиги ҳәм алып барылған үгит-нәсият, профилактикалық жумыслар нәтийжесинде республикамыз бойынша ҳаял-қызлар қатнасыўындағы жынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар 30% ке кемейиўине ерисилди, – деп айтып өтти Ишки ислер министри.

Конференцияда атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан көлеминде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша ең үлгили 5 аймақтың бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўрети.