Өткен 2019-жылда Қарақалпақстан Республикасында улыўма жынаятлар 2018-жылға салыстырғанда 5% ке, жынаят-излеў тараўындағы жынаятлар 18% ке кемейген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.

– Республикамыздағы улыўма 411 мәкан пуқаралар жыйынларынан 96 сында жынаятлар саны кемейген болса, 161 пуқаралар жыйынында бирде-бир жынаят жүз бермеди, – деди А.Темирханов.

Хош, бундай нәтийжелерге қалай ерисилди?

Ишки ислер министри бул мәселеде тек ғана орынлардағы профилактикалық инспекторлардың күни-түни алып барған тынымсыз мийнетлери емес, соның менен бирге, адамлардың «қәўипсизликти тәмийинлеў тек инспекторлардың жумысы» деп ойлап қалмастан, болып атырған ўақыяларға деген қатнасы ҳәм көзқарасларының өзгергенлиги, олар да жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға үлкен жәрдем берип атырғанын айырықша атап өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўрети.