Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасында  Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкем ҳәм топарлар қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүрәжатларын көрип шығыў бойынша Республика уйымлараралық комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда комиссия ҳәм ишки топар ағзалары, яғный Жоқары суд баслығының орынбасары, ишки ислер министриниң биринши орынбасары, Республика мәҳәллелер кеңеси баслығының орынбасары, Жаслар аўқамы орайлық кеңеси баслығының биринши орынбасары, Ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары, Сыртқы ислер министри кеңесгойи, Диний ислер бойынша комитет баслығының орынбасары, Мусылманлар мәкемеси, МҚХ, ИИМ ҳәм Бас прокуратураның тийисли басқарма және тармақ баслықлары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Бас прокурор Н.Йўлдошев басқарған мәжилисте Президентимиздиң 2018-жыл 19-сентябрьдеги «Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкем ҳәм топарлар қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасы пуқараларын жынайый жуўапкершиликтен азат етиў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы бойынша қадаған етилген шөлкемлер қурамына адасып кирип қалған 12 пуқараның жынайый жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққында усынған мурәжаты көрип шығылды.

 

 

Мәжилисте комиссия ағзаларының қадаған етилген шөлкемлер қурамына адасып кирип қалған 11 пуқараны жынайый жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққындағы шешими қабыл етилди, 1 пуқараның мүрәжатын қосымша үйрениў ушын жумысшы уйымға қайтарыў ҳаққында даўыс берилди.

Комиссияға усы жылдың 1- январь күнине шекем улыўма 70 мүрәжат келип түскен. Олардың  18и пәрман талапларына сәйкес келмеген, 20сы комиссияда додаланған (10ы жуўапкершиликтен азат етиў ҳәм  4инен бас тартыў ҳаққында шешимге келген, 6сы қосымша үйрениўге қайтарылған), 32си қалдықта қалған.

Жынайый жуўапкершиликтен азат етилген 11 пуқараны Өзбекстанға қайтарыў, социаллық-ҳуқықый жақтан  жәрдем көрсетиў, соның ишинде, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиўге қаратылған шөлкемлестириўшилик илажларды әмелге асырыў ҳаққында тапсырмалар берилди.

Мәжилисте комиссия ҳәм жумысшы топар ағзаларының алдағы ўазыйпалары белгилеп алынды.

ӨзА