Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимиз жасларының мәнаўиятын арттырыў ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша алға қойылған 5 әҳмийетли басламаның екинши бағдары жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўында қәбилетин көрсетиў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған болып, өткен дәўир даўамында бул бағдарда кең көлемли жумыслардың әмелге асырылғанын айрықша атап өтиў керек.

15-январь күни пайтахтымыздағы «Миллий» стадионында спорт үскенелери ҳәм инвентарьлары орын алған спорт кәрўанын мәмлекетимиз аймақларына шығарып салыў мәресими болып өтти.

 

 

 

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң басшылары, аймақлық басқармалардың жуўапкер хызметкерлери ҳәм журналистлер қатнасты.

– Бүгинги күнде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жас әўладтың ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал инсан болып камалға келиўи ушын барлық шараятлар жаратып берилмекте. Соның ишинде, Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 әҳмийетли басламаның екинши бағдары тиккелей денетәрбия ҳәм спортқа қаратылғаны негизинде үлкен мәнис жәмленген. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы жәми 230 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине жөнеп кеткен спорт кәрўаны мәмлекетимиздиң келешеги болған жасларымыздың және де жетик спортшылар болып камалға келиўине хызмет етеди. Олардың арасынан келешекте белгили спорт жулдызлары, жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары жетисип шықса, – деди спорт кәрўанын шығарып салыў мәресиминде шығып сөйлеген Т.Норбоева.

 

 

 

 

Барлық аймақлардан келген жуўапкер ўәкиллерге арнаўлы сертификатлар тапсырылды ҳәм спорт кәрўаны республикамыз бойлап жолға шықты.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жасларына жиберилген усы спорт кәрўанынан улыўма баҳасы дерлик 50 миллиард сумлық 96 түрдеги спорт әнжамлары, инвентарьлар ҳәм кийимлер орын алған. Соннан 19 миллиард 316 миллион 802 мың сумлық спорт үскенелери мәмлекетимиздеги 230 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине жеткерип бериледи.

 

 

Буннан тысқары, елимизде волейбол спортын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде улыўма баҳасы 30 миллиард 309 миллион 22 мың сумлық спорт үскенелери, инвентарьлар ҳәм кийимлери болса республикамыздағы 7542 улыўма билим бериў мектебине жиберилди.

ӨзА