ӨЗБЕКСТАН ҚУРАЛЛЫ КҮШЛЕРИ ДҮЗИЛГЕНИНЕ 28 ЖЫЛ

Республикамызда Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 28 жыллығы кең түрде белгиленди.

14-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары,  мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Байрам мүнәсибети менен орайлық көше бойлап байрақларымызды бәлент көтерген әскерий хызметкерлердиң сап тартып жүриўи болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында байрамға бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, офицер ҳәм сержантлар,  әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажды Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев басқарып барды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевтиң Өзбекистан Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлады.

 

 

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң бул қутлықлаўы кеўиллерге күш-қуўат бағышлаўы менен бирге, бәршени ийгиликли ислерге, усындай тыныш-татыў ҳәм бахытлы елге хызмет етиўге рухландырады. Ҳақыйқатында да, барлық халықлар ушын мәмлекеттиң қәўипсизлиги, елдиң тынышлығы, халықтың абаданлығы баслы байлық болып табылады. Солай екен, ата-бабамыздан бизге мийрас болып киятырған  ана Ўатанымызды қәстерлеп сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў ҳәр биримиз ушын муқаддес парыз болып табылады. Сонлықтанда бул сәне Ўатан сүйиўшилик, халқымызға садықлық, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жоқары инсаныйлық қәдириятларды өзинде жәмлейтуғын байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Қураллы Күшлеримиздиң әскерий техникалық  ҳәм заманагөй кадрлар потенциалын  күшейтиў менен бирге  әскерий хызметкерлерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың жасаў шараятларын жақсылаў, шаңарақ ағзалары ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы кең көлемли жумыслар алып барылмақта.  Буның әмелий көриниси сыпатында өткен жылдың өзинде әскерий-ҳәкимшилик секторының жумысларын раўажландырыў мақсетинде 16 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын жергиликли бюджеттен 20 миллиард сумнан зыят қаржы ажыратылып, Миллий гвардияның 9 объектинде 33 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, Арқа-Батыс әскерий округи хызметкерлери ушын 30 квартиралы, Мәмлекетлик қәўипсизлик  хызметине қараслы шегара әскерлери әскерий хызметкерлери ушын 48 квартиралы турақ жай, Ишки ислер министрлигиниң Шыпакерлик бөлими госпиталының заманагөй еки этажлы имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бундай ийгиликли ислер быйылғы жылы да даўам етип, Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын  120 квартиралы 4 турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте.

 

 

Байрам мүнәсибети менен ҳуқық қорғаў уйымлары, Қорғаныў ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери хызметкерлериниң бир топары  Президентимиздиң пәрманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында  мәмлекетлик сыйлықлар, орден ҳәм медаллар, көкирек белгилери  менен сыйлықланды. Илажда  усы сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

 

Мәжилисте Өзбекстан халық артисти З.Ашурова, Өзбекстан Миллий гвардиясы басқарма баслығы, «Жасорат» медалы ийеси М.Юсупов,  Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги-Қарақалпақстан  Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы оператив басқарыў орайының баслығы, «Садық хызметлери ушын» медалының ийеси Ш.Қадиров, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлиминиң әскерий хызметкери, «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ийеси А.Ибрагимова шығып сөйлеп, әскерий хызметкерлерге көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдирди.

 

 

Салтанатлы мәжилис республика көркем өнер шеберлериниң байрам коцерти менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.