Олимпия резервлери колледжлериниң жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарардың жойбары жәрияланды. Оған муўапық, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги системасындағы қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатлары негизинде олимпия резервлери колледжлери шөлкемлестириледи. Колледжлердиң жумыслары 2020-2021-оқыў жылынан баслап жолға қойылады.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан бойынша 15 мектеп-интернат, соның ишинде Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты Нөкис олимпия резервлери колледжине айландырылады.

 

Ҳүжжетте белгилениўинше:

 

– олимпия резервлери колледжиниң тийкарғы жумыслары дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелер және спорттың олимпия түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириў ушын спорт резервин таярлаўға бағдарланады;

– олимпия резервлери колледжлери Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылады;

– олимпия резервлери колледжлериниң спорт түрлери бойынша контингенти Өзбекстан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады;

– олимпия резервлери колледжлеринде билимлендириў процеси еки басқышта: улыўма орта билим бериўдиң таяныш билимлендириўи (VI-IX класслар) және баслаўыш профессионал билимлендириў (I-II курслар) басқышларында әмелге асырылады;

– 2020-2021-оқыў жылынан баслап олимпия резервлери колледжлеринде футбол бөлимлери шөлкемлестириледи ҳәм оларда футбол бойынша қәнигелер (спортшылардан тысқары) таярланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.