Бүгинги күнде Арқа-батыс әскерий округиниң Нөкис ҳәм Үргениш гарнизонларында жас әўладларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм әскерий тараўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар өткерилмекте.

Илаж шеңберинде бир топар әскерлер Нөкис қаласындағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебине барып, оқыўшылар менен ушырасты.

Дәслеп мобилизациялық шақырыў резерви батальоны командириниң тәрбиялық ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары, майор Д.Исроилов жоқары класс оқыўшыларына «Мәртлик ҳәм қаҳарманлық» сабақларын өтти. Соң мектептиң залында оқыўшылар итибарына қүдиретли армиямыз сәўлеленген «Аспаныңа қалқанбыз Ўатан!» атамасындағы видеофильм қойып берилди.

Илаж соңында Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының әскерий оркестри жәмәәтиниң концерти қойып берилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.