Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2019-жыл 20-декабрьдеги 11-санлы протоколы тийкарында 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест тапсырмаларының саны және баҳалаў критериялары тастыйықланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси 2 бөлимге ажыратылады:

 

Биринши бөлимге – барлық тест тапсыратуғынлары ушын мәжбүрий болган 3 пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери киргизиледи.

Усы 3 пәннен 15 тапсырма – улыўма 45 тест тапсырмасы бериледи. Ҳәр бир дурыс жуўап ушын 2,1 балл бериледи, максимал балл – 94,5 балл.

 

Екинши бөлимге – абитуриент сайлаған бакалавриат билимлендириў бағдарларына сәйкес келетуғын 2 пән киргизиледи.

Ҳәр бир пәннен 30 сораўдан – улыўма 60 тест сораўы бериледи. Ҳәр бир дурыс жуўап 3,1 балл менен баҳаланады. Максимал балл – 186 балл.

 

Демек, келеси оқыў жылы қабыллаўында абитуриентке 5 пән бойынша улыўма 105 тест тапсырмасы бериледи. Топлаў мүмкин болған максимал балл – 280,5 баллды қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.