20-декабрь күни Өзбекстанның бир неше қалаларында Ташкент ўақты менен саат 16:39 да жер силкиниўи сезилди, деп хабар берди «Дарё» басылымы.

Европа – Жер Орта теңизи сейсмологиялық орайының мағлыўматларына қарағанда, жер силкиниўи Аўғанстанның Ҳиндикуш таўларында жүз берген. Жер силкиниўиниң магнитудасы оның эпицентринде 6 ны қураған. Ошағы 200 километр тереңликте жайласқан.

ӨзР Айырықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогнозлық мониторинг Республикалық орайының хабар бериўинше, жер силкиниўи Өзбекстанның барлық аймақларында, соның ишинде, Нөкис қаласында да сезилген.

Эпицентрден 1124 километр узақлықта жайласқан Нөкис қаласында бақланған жер силкиниўиниң күши 2 баллға тең болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.