Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен декабрь айы «Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы» деп белгиленип, орынларда ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дүзилген «Жаслар коррупцияға қарсы» клубы ағзаларының қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда Қарақалпакстан  Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы А.Отеулиев қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәниси туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Интерактив усылда шөлкемлестирилген семинар даўамында студент-жаслар қызықтырған сораўларына жуўап алды ҳәм өз пикир усынысларын билдирди.

Мағлыўмат ушын атап өтемиз, усы жылы Фарабий  атындағы Казақстан миллий университети тәрепинен шөлкемлестирилген «Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары» атамасындағы онлайн олимпиадасында «Жаслар коррупцияға қарсы» клубының ағзалары  Ерполат Орақбаев II орынды, Дилфуза Ҳабибибуллаева III орынды ийеледи.

Айлық шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

                                                 Қарақалпакстан хабар агентлиги.