«Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күни  Елликқала районында бир қатар социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

 Атап айтқанда, райондағы  «Қылшынақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети менен биргеликте қурып питкерилген «Чамантекс» тигиўшилик комплексиниң ашылыў салтанаты болды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды елимиздиң гимни қабыл етилген күн ҳәм жаңа тигиўшилик комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Жәми 150 орынға мөлшерленген тигиўшилик цехында ҳәзир 120 ҳаял-қыз жумыс орны менен тәмийинленди. Өндирислик қуўаты жылына 1 миллион дана таяр өним ислеп шығарыў болып, соннан 300 мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспортқа шығарылады. Илаж қатнасыўшылары цехта ислеўшилерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов усы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, балалығынан майыплығы болған Шерзад Атахановтың шаңарағында болды. Оның жасаў шараяты менен танысып, баҳалы саўғалар тапсырды. Сондай-ақ, район аймағындағы бир қатар сайлаў участкаларында болып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары жергиликли Кеңеске болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысын көзден өткерди.

Сондай-ақ, усы аўылдағы Искандар Матякуповтың шаңарағында болып, ыссыханасында алып барылып атырған жумыслары менен танысты. «Меҳнат шуҳраты» ордениниң ийеси Искандар ата  өзиниң үй қапталы қыйтақ жеринен өнимли пайдаланған ҳалда бес сотых жериндеги лимоннан жылына 80 миллион сумнан аслам дәрамат көрмекте.

Нәўбеттеги мәнзил жаңадан пайдаланыўға тапсырылған  «AGRO EKSIM GOLD»   жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ыссыхана болды. Улыўма 3,7 гектар жер майданына ийе, гидропоника технологиясы тийкарында шөлкемлестирилген ыссыхана жылына 750 тонна аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қуўатына ийе. Бул жерде мәўсимлик 80, турақлы 50 жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Ҳәзир 50 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген.

Усы күни «Сарибий» аўыл пуқаралар жыйынында 150 орынға мөлшерленген Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Барлық қолайлықларға ийе мектепте балалар музыка, сүўретшилик, әмелий көркем өнер менен шуғылланыў имканиятына ийе.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов усы мектептиң залында район исбилерменлерин көшпели қабыллаў өткерди. Илажда исбилерменлердиң коммерциялық банклерден жеңилликли кредит алыў, жер орынларын ажыратыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мүрәжатларының көпшилиги өз шешимин тапты. Қалғанлары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, илаж көрилетуғын болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.