Пайтахтымыздың Халықлар дослығы сарайы алдындағы майданда 10-декабрь – Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн мүнәсибети менен «Ўатаным гимни – мақтанышым, мәртебем» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Салтанатлы мәресим Мәмлекетлик гимнниң атқарылыўы менен басланды. Майданда жыйналған үлкен-киши қоллары көксинде гимнимизди мақтаныш пенен айтты.

«Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығы мәмлекетимиз бойлап кеңнен белгиленип атырғаны халқымыздың кеўлинде ана Ўатанынан мақтаныў сезимин және бир мәрте көклерге көтериў, жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда шексиз әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Ағартыўшылық» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, ҳәр қыйлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде белгили көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, әдебияттаныўшылар, әскерлер ҳәм жаслар қатнасты.

Елимиздиң мәмлекетлик нишанлары ҳәр биримиз ушын әзиз ҳәм муқаддес екени, әсиресе, олардың арасында уллы халқымыздың мәңги қосығы – гимнимиз кеўиллеримизден терең орын алғаны айрықша атап өтилди.

Бул қосық ҳәр бир инсанды мақтаныўға, ғәрезсизлигимизди беккемлеўге, бүгинги абат турмыстың қәдирине жетиўге шақыратуғыны ҳаққында жақсы пикирлер билдирилди. 1992-жыл 10-декабрьде «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Бул нызамда белгиленгениндей, гимнимиз Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитетиниң нишаны болып есапланады, оған зор ҳүрмет пенен қараў ҳәр бир пуқарамыздың ўатанды сүйиўшилик миннети болып есапланады.

– Гимнимиздиң намаларында уллылық, миллийлик, салтанат, күшли ерк-ықрар бар,  – деди Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң доценти Равшан Омонов. – Оны еситкен адам, өзин усы халық, усы Ўатанға керек екенлигин тән алып, жаңлаған руўх ҳәм ишки жағымлы сестен күш алады. Елдиң раўажланыўына үлес қосыўға ҳәрекет етеди. Бүгин бул майданға жыйналған пайтахтымыз халқы ҳәм мийманлары көзлеринде қуўаныш пенен байрамды қарсы алды.

Илажда шығып сөйлегенлер гимнимиздеги бийтәкирар сөзлер халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлерин, келешекке жарқын үмитин ҳәм беккем исенимин өзинде жәмлегенин атап өтти. Белгили шайырымыз, Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ориповтың қосық қатарларында халқымызға берилген ҳәр бир тәрийп узақ жыллық улыўма миллий көзқараслар системасынан келип шығып сайланғаны, өзине тән терең философиялық мәнилерди билдиргени бийкарға емес.

Байрам кең көлемде белгиленбекте. Бүгинги күн билимлендириў мәкемелеринен баслап, барлық мәмлекетлик уйымлар, шөлкем, кәрханаларда мәмлекетлик гимнди биргеликте атқарыў менен басланды.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы