Сайлаў – 2019

Төрткүл районында ӨзЛиДеП басшыларының, партия электораты, белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Онда партия Орайлық Кеңесиниң баслығы Актам Хайтов, Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов, район ҳәкими Я.Бабаджанов, 2-санлы «Төрткүл» сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Р.Мамутов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, болажақ сайлаўлардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Партияның алға қойған мақсет ҳәм ўазыйпалары туўралы мағлыўмат берип, пикир-усыныслар билдирилди.

– Бизиң сайлаўалды бағдарламамызда, фермерлердиң, дийқан хожалықлары менен қыйтақ жер ийелериниң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, аўыллық жерлерде қыйтақ жер – қосымша дәрамат дәреги екенлигин кеңнен үгит-нәсиятлаў, аўыл хожалығын және де модернизациялаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Биз буны әмелге асыра аламыз,-дейди районның «Солиҳ фарзанд» фермер хожалығының баслығы А.Байрамов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.