Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, соның ишинде, туризм тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар менен жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў мақсетинде «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар» темасында пресс-тур шөлкмелестирилди.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўға байланыслы нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасының аймақлық басқармасы, район ҳәкимлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген бул пресс-турға ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасына еткен сапарлары даўамындағы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў, районды 2019-2021-жылларда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, аймақтың туризм потенциалын және де арттырыў, мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп-сақлаў, халық абаданлығын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январь күни «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, районда 2019-2021-жылларда 1 триллион 485 миллиард сумлық 120 қурылыс-оңлаў, абаданластырыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта  49 объект, соннан 22 си социаллық, 18 и елатлы пункттиң шараяты ҳәм сапасын жақсылаў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, 9 и экология, ирригация, балықшылық хожалығын суў менен тәмийинлеў, туризм жумысына байланыслы имарат ҳәм көпир объекти қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары, бағдарламаларда нәзерде тутылмаған 11 объектте қурылыс жумыслары әмелге асырылып, соннан 7 и, яғный Мәмлекетлик хызметлер орайы, 350 орынлы тигиўшилик фабрикасы, районлық қорғаныў бөлиминиң шақырыў пункти, «Сурхон қуёши» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, «Future Muynak» оқыў орайы, районлық санаат колледжин оңлаў жумыслары ҳәм Курант минара саатының қурылысы жуўмақланып, пайдаланыўға берилди.

Аймақтың инвестициялық потенциалын арттырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында Министрлер Кабинетиниң жоқарыда атап өтилген қарарына муўапық 2019-2021-жылларда районда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында улыўма баҳасы 27 триллион 652 миллиард 197 миллион сумлық 93 перспективалы инвестициялық жойбардың мәнзилли дизими тастыйықланған. Бүгинги күнге 57 жойбарды әмелге асырыў ушын 647,2 гектар жер майданы, 36 жойбар бойынша 118 миллиард сум кредит ажыратылды ҳәм 7 бос имарат берилди. Соннан 82 миллиард сумлық 50 жойбар иске қосылып, 295 жаңа жумыс орны жаратылды.

Районда туризмди раўажландырыў мақсетинде усы жылдың март айында миллий үрп-әдетлер, ойынлар, ҳаял-қызлардың миллий липаслары, тағамларды көрсететуғын «NavrUZ» этнофестивалы, май айында «Мойнақ Ралли» жарысы өткерилди, онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ҳәм Қазақстан Республикасынан 62 автомотоспортшы қатнасты. Бул илаждың өткерилиўи районға туристлерди тартыўға унамлы тәсир көрсеткенин есапқа алып, келеси жыл май айында (кейин ҳәр жылы) жергиликли ҳәм сырт ел спортшыларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын автомобиль спорты бойынша «Ралли Мойнақ» халықаралық жарысын шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Өнерментшиликти раўажландырыў ҳәм туристлер ушын сувенирлердиң сатылыўын жолға қойыў мақсетинде район орайында «Өнерментлер аллеясы» шөлкемлестирилди. Бүгинги күнге келип 9 селфи объект район орайының дыққатқа ылайық орынларында орнатылды.

Арал теңизиниң аймағында Аралқум саҳрасының пайда болыўы, ҳәр жылы қум ҳәм дуздың қоршаған орталыққа тарқалыўының алдын алыў мақсетинде 2018-жылы гүз-қыс ҳәм 2019-жылдың қыс-бәҳәр айларында 500 мың гектар майданда сексеўил ҳәм Аралбойы аймағына бейимлескен өсимликлер егилди. Усы бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте. Усы жылдың қыс-гүз ҳәм 2020-жылдың қыс-бәҳәр айларында 700 мың гектар майданға мине усындай өсимликлердиң егилиўи режелестирилмекте.

Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп райондағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйының аймағындағы Сулайман Бақырғаний мавзолейиниң қурылысы менен танысты. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларына 14 миллиард сум қаржы ажыратылған. Келешекте бул жер зыярат туризми орайларынан бирине айланыўы сөзсиз. Себеби, Сулайман Бақырғаний Аҳмед Яссаўийдиң мүнәсип шәкирти болғанлығын тастыйықлайтуғын рәўиятлар көп. Жас талаба Сулайман медресеге қатнағанда басқа балаларға уқсап «Қуран»ды желкесине аспастан, еки алақанында жоқарыға көтерип қәдем басып, сабақ таўсылғаннан кейин, үйине жетип аламан дегенше, медресеге артқа қарамайды екен. Оны көрген Аҳмед Яссаўий қатты тәсирленген ҳәм сол ўақыттан баслап «Қуран»ды оқытыў ушын Сулайманда жанына алған.

«Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны «Дослық» аўылында 75 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты қурылмақта. Жойбардың баҳасы 4 миллард сумлық объектти Наўрыз байрамы алдынан иске қосыў режелестирилген.

Район орайында «Future Muynak» –  мәлимлеме технологияларын үйретиў оқыў орайы ҳәм бук кафе иске қосылды. Бас прокуратураның басламасы менен пайдаланыўға тапсырылған орайда оқытыў тийкарынан анимация, веб-дизайн, программалаў, фото сүўретлерди санлы қайта ислеў ҳәм компьютер анимациясы, 2D графика ҳәм 3D модельлестириў бағдарларында алып барылады.

– Усы орайдың иске қосылыўы биз жаслар ушын әжайып саўға болды, – дейди райондағы 2-улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Бийбижамал Бакирова. – Бул жерде 5 мың дана қарақалпақ, өзбек ҳәм шет ел әдебиятларынан пайдаланыў мүмкин. Ҳәр бир китаптың электрон варианты бар. Бундай шараят жаратып берген Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз.

Район орайында «Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў» қорының қаржылары есабынан жаңадан спорт зал, жабық жүзиў суў бассейни, футбол майданшасы пайдаланыўға тапсырылды. Спорт залда футбол, баскетбол, волейбол ҳәм қол тобы спорт түрлери менен шуғылланыў мүмкин, жабық жүзиў суў бассейнинде 130 спортшы жаслар шынығыўлар алып бармақта.

Ески кемелер жыйналған жерди заманагөй Кемелер музейи комплексине айландырыў ушын «Беруний агро қурилиш» ЖШЖ тәрепинен 2,9 миллиард сумлық оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм усы жылдың август айында пайдаланыўға тапсырылды. Комплексте «Арал теңизи тарийхы музейи» ушын жаңадан имарат қурылды, «Аққан жулдыз» естелиги толық қайта оңланды. Онда Арал теңизиниң 1960 ҳәм 1980-жыллардағы ҳәм бүгинги күндеги көринислери сәўлеленген. Усы естеликтиң тарийхы ҳаққында қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде төмендеги қатарлар жазылған: «Аққан жулдыз» естелиги. Айтыўларға қарағанда бул жерде бир ўақытлары кеме порты болған. Усы портқа узақ жыллар даўамында бир Ана ҳәр күни кешки ўақытта шығып, урыста бийдәрек жоғалып кеткен улының қайтып келиўин күткен. Өмириниң ақырына шекем күткен улы урыстан қайтпаған. Бул естелик мәмлекетимиздиң келешеги ушын жанын пидә еткен Ўатанымыздың барлық уллары ҳәм усындай мәртлерди тәрбиялаған барлық аналардың ҳүрметине бағышланған.»

Пресс-тур қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы