Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер!

Дәслеп, ҳәммеңизди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил  халқымызды қутлы байрам – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.

Ҳәммемизге жақсы белгили, аўыл хожалығы экономиканың ең ески, ҳеш қашан өз орнын ҳәм әҳмийетин жоғалтпайтуғын таяныш тармақларынан бири болып есапланады.

Әне усындай әҳмийетли тараўдың аўыр жүгин өзинде көтерип киятырған мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, мийнеткеш шопанлар ҳәм пиллекешлер, шебер суўшы ҳәм ирригаторлар, өз исиниң ҳақыйқый шебери болған механизатор ҳәм агрономлар, пидәкер илимпаз ҳәм қәнигелерди дүньядағы ең мақтанышлы кәсип ийелери, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Ҳақыйқатында да, уллы ойшыл шайырымыз Әлийшер Наўайы бабамыздың айтқанларындай, ҳәр ерте бәҳәрде жерге туқым шашып, ырысқы-несийбениң жолын ашатуғын, шаңарақларымыздағы молшылық ҳәм берекеттиң себепшиси болған сизлердей пидайы инсанларға мың-мың рахметлер айтсақ арзыйды.

Усы байрам мүнәсибети менен сизлерди қутлықлар екенбиз, быйылғы машақатлы мийнетиңиз, ерисилген нәтийжелер ҳәм алдымызда турған режелерге  ҳәр тәреплеме тоқтап өтиўимиз тәбийғый болып есапланады.

Бәринен бурын планетамыздағы глобаллық климаттың өзгерислери ҳәм регионымыздағы экологиялық машалалардың ақыбетинде аўыл хожалығында ҳәр жылы бурын көрилмеген жаңадан-жаңа сынақ ҳәм қыйыншылықлар пайда болып атырғанын атап өтиў керек.

Бирақ көпти көрген, бәрқулла жер менен тиллесип, дәртлесип жасайтуғын дийқан ҳәм фермерлеримиз мине усындай қыйын шараятта да белсендилик пенен, бай билим ҳәм тәжирийбесин, илим жетискенликлерин иске қосып, мол зүрәәт жетистириўге ериспекте.

Усы жылы сизлердиң маңлай териңиз бенен 7 миллион 130 мың тонна бийдай, 2 миллион 845 мың тонна пахта, 19 мың 600 тонна пилле, 21 миллион тонна мийўе-овощ, 400 мың тонна салы, 2 миллион 600 мың тонна гөш ҳәм 11 миллион тонна сүт өнимлери, 8,1 миллиард дана мәйек алынғаны бул пикирди айқын тастыйықлап турыпты.

Ҳәзирги ўақытта дүнья көлеминде азық-аўқат қәўипсизлиги, экологиялық таза өнимлерди ислеп шығарыў әҳмийетли мәселе болып атырғаны сыр емес.

Соның ушын да, биз экономикамызды, соның ишинде, аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм диферсификациялаў, азық-аўқат егинлерин жетистириўге айрықша итибар қаратпақтамыз.

Бул ҳаққында сөз еткенде, соңғы төрт жылда өнимдарлығы төмен болған 300 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданларының орнына мийўе-овощ ҳәм от-жем егинлерин жетистириў жолға қойылып, соның ишинде, 32 мың гектар жерде интенсив бағлар, 15 мың гектарда жүзимгершиликлер, 2 мың гектарда заманагөй ыссыханалар қурылғаны, 114 мың гектарда овощ ҳәм картошка, 72 мың гектарда собықлы ҳәм майлы егинлер, 52 мың гектарда от-жем егинлери жетистирилип атырғанын атап өтиў керек.

Әлбетте, бүгинги күнде жер-суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл хожалығы субъектлери арасындағы өз-ара қатнасықларда базар принциплерин, илим ҳәм техниканың алдынғы жетискенликлерин жедел енгизиў, экологиялық таза ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў арқалы дийқанлардың дәраматын көбейтиў бағдарында алып барылып атырған системалы реформаларымыз сизлерге жақсы белгили.

Нәтийжеде, быйыл аўыл хожалығы өнимлеринен жәми 217 триллион 700 миллиард сум ямаса өткен жылға салыстырғанда 12 процент көп пайда алынды.

Жерди ҳақыйқый ийесине бериў, әсиресе, өним жетистириўден тартып оны сатыўға шекем болған агробизнестиң бир пүтин шынжырын өз ишине қамтып алған кластер моделин ҳәм кооперация системасын толық жаратыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Быйылғы мәўсимде пахта өниминиң 73 проценти пахта-тоқымашылық  кластерлериниң үлесине туўра келгени, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Әндижан, Хорезм, Наманган, Ташкент, Бухара ўәлаятларында ерисилген жоқары шеклер бул системаның қаншелли нәтийжели екенин әмелде дәлиллемекте.

Сондай-ақ, Ёзёвон, Қўштепа, Риштон, Тошлоқ, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаобод, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Хийўа, Хонқа, Янгибозор, Мингбулоқ, Поп, Чуст, Қуйичирчиқ, Чиноз, Оққўрғон, Қоракўл, Олот, Вобкент, Дўстлик, Нарпай сыяқлы онлаған районларда усы система тийкарында пахтадан мол өним жетистирилди.

Булардың ҳәммесин есапқа алып, биз кейинги жылдан баслап пахта жетистириўди толық – 100 процент кластер усылына өткериўге қарар еттик. Соның менен бирге, ғәллешилик, мийўе-овощ жетистириў, қусшылық, шарўашылық, балықшылық ҳәм пиллешилик кластерлерин шөлкемлестириў жумысларын избе-из даўам еттиремиз.

Биринши мәрте масақлы дән егинлеринен жоқары өним жетистириўди хошаметлеў системасы енгизилгени өзиниң үлкен унамлы нәтийжесин берди. Әндижан, Ферғана, Қашқадәрья, Ташкент, Хорезм ўәлаятларында өнимдарлық гектарына 65-67 центнерге жеткени мине усындай жаңаша көзқарастың жемиси болды.

Ең әҳмийетлиси, 3 миллион 800 мың тонна ғәлле дийқан ҳәм фермерлердиң ықтыярында қалдырылғаны усы мәўсимниң тийкарғы нәтийжеси, десек, дурыс болады.

Кейинги жылларда мийўе-овощ жетистириўде әмелге асырылып атырған реформалар да өз нәтийжесин бермекте. Усы жылы 1,3 миллиард АҚШ доллары баҳасындағы 1,5 миллион тонна мийўе-овощ экспорт етилгени, сөзсиз тармақтың раўажланыўындағы салмақлы орын ийелейди.

Дийқан ҳәм фермерлеримизди жыллар даўамында ойландырып киятырған мәселе – бул жетистирилген мийўе-овощ өнимлериниң зая болыўына жол қоймастан, сапалы қайта ислеп, ишки ҳәм сыртқы базарларға жеткерип бериўге байланыслы.

Усы жылы бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, 1 триллион 37 миллиард сум инвестиция қаржылары тартылды. Буның есабынан 254 мың тонна қуўатлылыққа ийе болған 180 мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм логистика орайлары қурылды. Бул арқалы 54 мың қосымша жумыс орны жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта елимизде мийўе-овощ өнимлериниң 3,5 миллион тоннасы қайта исленип, 350 миллион долларлық таяр өним сыртқы сатылмақта.

Бизлер келеси жылы мийўе-овощ өнимлериниң экспортын 2,5 миллиард долларға, жақын үш жылда болса 5 миллиард долларға жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз. Буның ушын Испания, Нидерландия, Польша, Греция, Түркия, Россия, Қытай, Қубла Корея, Вьетнам, Индонезия сыяқлы мәмлекетлердиң ең алдынғы тәжирийбелери кеңнен қолланылмақта.

Баҳалы шийки зат болған пилле жетистириўдиң жаңаша системасының жолға қойылыўы нәтийжесинде быйыл биринши рет пилледен жылына төрт мәрте өним алўға еристик. Кейинги ўазыйпа –  бул табыслы тәжирийбени кеңнен қолланыўдан ибарат.

Соңғы жылларда шарўашылықты реформалаў, соның ишинде, тараўдың басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў бағдарында бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Усы тәризде республика, ўәлаят, район ҳәм фермер хожалықлары бойынша шарўашылық тараўында вертикаль басқарыў системасы жаратылды.

Республикамызда сүт ҳәм гөш ислеп шығарыўға қәнигелескен мыңнан аслам ири шарўашылық комплекслери иске қосылды. Жуўмақланып атырған жылда болса бул бағдарда 1,2 триллион сумлық 600 жойбар әмелге асырылды. шарўашылықты раўажландырыў ушын қолайлы болған Ахангарон, Тахтакөпир, Қоңырат, Бозатаў, Мойнақ районлары усы тараўға қәнигелестирилди ҳәм кластер усылында раўажланыўы жолға қойылды.

Соңғы 20 жылда итибардан бир қанша шетте қалып кеткен балықышылық тармағына айрықша итибар қаратыўымыз нәтийжесинде быйыл 580 мың гектар тәбийғый ҳәм 28 мың гектар жасалма көллерде 200 мың тонна балық жетистирилди.

Және бир тийкарғы бағдар – пал ҳәррешиликти раўажландырыў мақсетинде дүзилген Өзбекстан пал ҳәррешилер ассоциациясына 14 мыңнан аслам исбилермен ағза болып кирди ҳәм усы жылы 19 мың тонна пал жетистирилди.

Ирригация ҳәм мелиорация илажларының барлық қәрежетлери толық мәмлекетлик бюджет есабынан қапланып атырғаны дийқан ҳәм фермерлеримиз ушын үлкен мәдет болып, егинлерден мол өним алыў имканиятын бермекте.

Егислик майданларын суў менен кепилликли тәмийинлеў мақсетинде быйыл мәмлекетлик бюджеттен 1 триллион 328 миллиард сум ямаса 2018-жылға салыстырғанда 1,8 мәрте, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ушын болса 645 миллиард сум ямаса 1,2 есе көп қаржы ажыратылды. Буннан тысқары, жылдың ақырына шекем халықаралық финанс институтларының 126,8 миллион доллар ямаса 2018-жылға салыстырғанда дерлик 3 еседен аслам кредитлери өзлестириледи.

Жанажан Өзбекстанымызды раўажланыўдың жаңа басқышына көтериў ўазыйпасы ҳәм дүнья жүзиниң азық-аўқат өнимлерине талап артып атырғаны аграр тараўды түп-тийкарынан реформалаўды, оған базар механизмлерин, әсиресе, инновациялық ҳәм үнемлейтуғын технологияларды, инвестицияларды кеңнен тартыўды талап етпекте.

Соннан келип шығып, быйыл аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў Концепциясын ҳәм тараўды келеси 10 жыллықта раўажландырыў бойынша Стратегияны қабыл еттик.

Қолға киргизилген табыслар ҳаққында сөз еткенде, сизлер, мийнеткеш фермер ҳәм дийқанлар, тараў хызметкерлериниң шын кеўилден ҳәм пидәкерлик мийнетиңизди, пүткил өмирин аўыл хожалығының раўажланыўына бағышлаған мыңлаған әзиз ўатанласлырымыздың атларын мақтаныш пенен тилге аламыз.

Усы жерде 11 мыңнан аслам фермер хожалығы 30 жасқа шекемги жаслар тәрепинен басқарылып атырғаны,  5 мың 600 фермер хожалықларына ҳаял-қызларымыздың басшылық етип атырғанын атап өтиўди қәлер едим. Бул бизлердиң аўыл хожалығы тараўындағы үлкен байлығымыз, алтын фондымыз, десек, ҳеш қандай қәте болмайды.

Келешекте тараўды турақлы раўажландырыўға қаратылған комплексли бағдарламаларды енгизиў, заманагөй технологияларды қолланған ҳалда өним жетистириў түрлери ҳәм экспорт көлемлериниң артыўын тәмийинлеў баслы мақсетлеримиз болып қала береди.

Топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, тараўды зәрүр техникалар менен тәмийинлеў және оларға техникалық хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, алдыңғы билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў жумысын жетилистириўге итибарды және де күшейтемиз.

Мәўсим аяқланып жыл жуўмақлары есап-санақ етилип шығарылып атырған мине усы байрамда сизлерге, барлық аўыл халқына уллы мийнетиңиз ушын және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.

Турмыс сынақларында шыныққан, мәрт фермерлеримиз, барлық аўыл-хожалық хызметкерлери буннан былай да халқымыздың абаданлығын арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы оғада жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда барлық күш-ғайрат ҳәм имканиятларын жумсайды, деп исенемен.

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер!

Аўыл хожалығы тараўында ҳадал ҳәм пидайы мийнет етип атырған әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди және бир мәрте қуўанышлы ҳәм пайызлы байрам менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға бахыт-ығбал, жуўапкерли мийнет жолыңызда үлкен табыслар, үйлериңизге қут-берекет ҳәм аўызбиршилик ҳәмийше яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА