Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен 7-декабрь күни «Өзбекстан» халықаралық конференциялар сарайында салтанатлы мәресим болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, өндирис, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт шеберлери, кең жәмийетшилик, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев халқымызды усы қутлы байрам менен қутлықлап, Тийкарғы Нызамымызда белгиленген пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплери, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийет қурыў жолындағы тийкарғы бағдарлар ҳаққында баянат жасады.

Өзбекстан жаңа раўажланыў жолынан алға қәдем тасламақта. Барлық тараўда жедел пәт пенен алып барылып атырған реформалар, бәринен бурын, халқымыздың абаданлығын арттырыўды мақсет еткен. Өзине тән жыл есабына айланған Конституция байрамында жуўмақланып атырған жылда орынланған жумыслар көз алдымыздан өтеди, нелерге ерисе алдық, қайсы ўазыйпаларды орынлаўда немқурайдылыққа жол қойылды, деген сораў алдымызда турады.

Мәмлекетимиз басшысы өз баянатында усы мәселеге итибар қаратты. Елимизде нызамшылықты тәмийинлеў мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында, күнделикли турмысымызда ашық-айдынлық принциплерин енгизиў, халқымызды разы етиў бағдарындағы ўазыйпаларға тоқталып өтти.

Тийкарғы Нызамымызда инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы, қәдири ҳәм басқа да усыған байланыслы ҳуқықлары жоқары қәдирият сыпатында белгиленген. Мәмлекетимизде буннан үш жыл алдын халық пенен сөйлесиўдиң пүткиллей жаңа түри – Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилгени пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтиў керек. Бүгин барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымларда мүрәжатлар менен ислесиў, адамларды тыңлаў, машқалаларын шешиў биринши дәрежели мәселеге айланды. Адамларда әдилликке, нызам үстинлигине исеним артты. Ең әҳмийетлиси, ўатанласларымызда әтирапымыздағы машқалаларға, социаллық процесслерге жуўапкершилик сезими күшейди.

Бирақ соның менен бирге нызамлардың толық ислеўи, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықлар толық әмелге асыўы, әпиўайы етип айтқанда, реформалар турмысымызда өз сәўлелениўин табыўы ушын пуқараларда ҳуқықый сана ҳәм мәденият қәлиплескен болыўы зәрүр. Пуқараларда, барлық буўындағы басшыларда Конституция ҳәм нызамларға бойсыныў сезими қәлиплестирилсе ғана жәмийетимиз өзгереди, турмысымыз және де абат болады.

Президентимиз өз баянатында нызам үстинлигин тәмийинлеў демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң баслы өлшеми есапланыўы, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ислеп шығып атырған ҳүжжетлер, лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлери тек ғана Конституция ҳәм нызамларға муўапық болыўы шәрт екенлигин айрықша атап өтти. Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетлик қадағалаўдан нәтийжели қурал жоқ екени, нызамшылықты енгизиў, нызам бузылыўына қарсы гүресиў бағдарында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының «оянғаны» атап өтилди.

Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттириў, бул бағдардағы көнликпелерди перзентлердиң тәрбиясына бала ўақтынан сиңдириў керек екенлигине итибар қаратылды.

Бас нызамымызда белгиленген инсаныйлық принциплер толық әмелге асырылмақта. Кейинги жылларда Президентимиздиң жынаятқа қол урғанларды әпиў етиў бойынша 8 пәрманы қабыл етилип, 4 мыңнан аслам шахс жазаны өтеў орынларынан азат етилди.

Конституция байрамы алдынан мәмлекетимиз басшысы және бир усындай пәрманға қол қойды. Оған бола, жынайый қылмысына шын кеўлинен пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли түрде кирген 92 судланыўшы әпиў етилди. Усы жылы Жаслық поселкасындағы жазаны орынлаў колониясының жабылғаны да инсаныйлық сиясаттың әмелий үлгиси болды.

Өткен үш жылда 9 мың 692, соның ишинде, быйылғы жылы 5 мың 868 шахс Өзбекстан пуқаралығына қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳуқық қорғаў уйымларын тек ғана халықтың мәпи жолында миннетли хызмет ететуғын уйымларға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады. Байрам салтанатына жыйналғанлар қолларын көксине қойып, Ғәрезсизлигимиз қосығына қосылды.

Бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирде алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисиўде, халқымыз ушын ҳеш кимнен кем болмаған турмыс қурыў, экономикамызды жедел раўажландырыў, ең әҳмийетлиси, елимиздиң раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўында ғәрезсиз раўажланыўымыз, азат ҳәм еркин турмысымыздың беккем тийкары болған Конституциямыз күш-қүдирет дәреги болып хызмет ете береди.

Салтанатлы мәресимде елимиздиң көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылардың қатнасыўында концерт бағдарламасы көрсетилди.

 

ӨзА