Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги баянаты

Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ең дәслеп, бәршеңизди, пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәр бир мәмлекет өзиниң ғәрезсиз ҳәм раўажланыў жолын таңлар екен, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеуғын ең әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпаларын өзиниң Конституциясы ­ Тийкарғы нызамында беккемлеп алады. Солай екен, өз халқының ерк-ықрары, қәлби ҳәм тилиндеги ийгиликли нийетлерине үнлес Конституцияға ийе болған мәмлекет өзи белгилеген жоқары шеклерден ҳеш шетке шықпастан, бәрқулла алдыға қарап барады.

Тарийхқа нәзер салсақ, әсирлер даўамында қәлиплескен руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятлар ҳәм инсанның тәбийғый ҳуқықлары цивилизация процесслери нәтийжесинде Конституция формасына келгенин көремиз.

Конституция адамзат турмысында туңғыш мәрте инсанның азат ҳәм еркин жасаў, мүлкке ийе болыў, билим алыў, мийнет етиў, сайлаў ҳәм сайланыў сыяқлы ҳуқықларын, сөз ҳәм исеним еркинликлерин жоқары қәдирият дәрежесине көтерди.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки дәўиринде қабыл етилген Конституциямыз шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларда өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлемелерин және олардың кепилликлерин ашық-айдын белгилеп берди.

Бас нызамымыз, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўына қарамастан, елимиз пуқараларының теңлигиниң кепиллениўин белгилеп берди ҳәм заманагөй демократиялық раўажланыў ушын тийкар жаратты.

Әне сол себепли Конституциямызды ҳүрмет пенен улығлаўымыз, ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, оған избе-из әмел етиўимиз, Тийкарғы нызамымызда жәмленген ата-бабаларымыздың уллы мийрасын ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды жасларымыз қәлбине сиңдириўимиз зәрүр.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыз «Мәмлекет нызамлар тийкарында қурылмас екен, ондай салтанаттың уллылығы, қүдирети ҳәм қурамы жоғалады», деп атап өткен еди. Усы көзқарастан, Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў биз қурып атырған демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң бас өлшеми есапланады.

Ҳәр қандай демократиялық реформалардың нәтийжеси, тынышлық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы гиреўи де Конституция ҳәм нызам үстинлигиниң тәмийинлениўи менен тиккелей байланыслы.

Нызам үстинлиги ­ бул мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары шығарып атырған ҳүжжетлер, лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлери тек ғана Конституция ҳәм нызамларға муўапық болыўы шәрт, дегени.

Сонлықтан да барлық буўындағы кадрлар, ол қәле министр, ҳәким яки әпиўайы пуқара болсын, Конституция ҳәм нызамларды пуқта билиўи, олардың орынланыўын дурыс шөлкемлестириўи және биринши гезекте бул қағыйдаларға пүткил жәмийет ағзалары қатаң әмел етиўи шәрт болған орталық жаратыўымыз зәрүр.

«Конституция ҳәм нызам үстинлиги ­ абадан турмыс гиреўи» деген түсиник пуқараларымыздың сана-сезими ҳәм қәлбинде терең орын ийелеўи ҳәм социаллық зәрүрликке айланыўы ушын төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыў лазым, деп есаплайман.

Бириншиден, нызамлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, системалы машқалаларды алдыннан көре билиў, нызам бузылыўының унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў менен бирге бундай жағдайды ерте сапластырыўға қаратылған системаны қәлиплестириў айрықша, әҳмийетли. Тилекке қарсы, бул талаплар бизде еле толық орынланып атыр, деп айта алмаймыз.

Усы жылдың өзинде 70 тен аслам нызам, 350 ден зыят Президент пәрманы ҳәм қарарлары қабыл етилди. Бул нызам ҳүжжетлери ким ушын ҳәм не мақсетте қабыл етилмекте? Әлбетте, халқымыздың абаданлығы ушын.

Мәселен, экономикамызды жедел раўажландырыўдың зәрүр шәрти болған «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы Нызамды қабыл еткенимизге 7 ай болды. Көптен берли күтилген, турмыстың өзи талап етип атырған бул нызам жойбары үстинде биз узақ ўақыт иследик. Бул ҳүжжет пуқаралардың мәмлекет ҳәм жәмийет ўазыйпаларын орынлаўға байланыслы конституциялық ҳуқықын әмелге асырыўдың тәсиршең механизми есапланады.

Ҳәзирги ўақытта айырым тармақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша жойбарларды әмелге асырыў басланды. Бирақ, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, транспорт, жол қурылысы, коммунал хожалығы сыяқлы бағдарларда, көпшилик аймақларда еле бул бойынша баслама улыўма сезилмей атыр.

Министр яки ҳәким нызамның мазмун-мәнисин түсинбесе, аңлап жетпесе, оны турмысқа енгизиўде жанкүйерлик көрсетпесе, реформаларымыздың алға илгерилеўи, адамларда инта оятыў қыйын болады.

Аймақлардағы егислик майданларында рухсатнамасыз, өзбасымшалық пенен қурылыс алып барыў, имаратларды тәртипсиз бузыў сыяқлы кеўилсиз жағдайлар нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысларының ақсап атырғанынан дәрек береди. Сонлықтан Парламент, Ҳүкимет ҳәм Жоқарғы суд қабыл етилип атырған нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўдиң нәтийжели механизмлерин қолланыўы зәрүр.

Бул бағдарда кадрларды оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыўға, ҳуқықый мәлимлемени заманагөй усыллар арқалы кең жәмийетшиликке жеткериўге, нызамларды билиў ҳәм қолланыў бойынша жуўапкер басшылардың жумысларын баҳалаў критерияларын ислеп шығыўға биринши дәрежели итибар қаратыў лазым.

Екиншиден, Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетшиликтиң қадағалаўынан көре нәтийжели қурал жоқ.

Уллы грек алымы Платон былай деген еди: «Халық нызамларға зәрүрлик сезип, оларды пуқта үйренсе, бул тек оның өзине пайда келтиреди. Кери жағдайда нызамнан гөзленген мақсетке ерисип болмайды».

Ҳақыйқатында да, халқымыз нызамның бузылыўына қарсы қатты турмас екен, мәмлекетлик мәкемелер, лаўазымлы шахслар қаншелли урынбасын, нызам үстинлигин тәмийинлеў қыйын болады.

Бүгин жәмийетшилигимиз шын мәнисинде оянды, енди түрли лаўазымдағы шахслардың ис-ҳәрекетлерине адамларымыз тиккелей баҳа берип, өз пикирин еркин билдириўге үйренбекте.

Жуўмақланып атырған жылда Мәмлекетлик бюджет биринши мәрте кең додаланып, ашықлық ҳәм жәриялылық руўхында қабыл етилди. Онда түрли министрликлер ҳәм уйымлар ҳәр бир сумды неге ҳәм қалай жумсайтуғыны анық көрсетип берилди.

Пуқараларымыз ҳәм депутатларымыз билдирген пикирлер тийкарында мектеплерге мебель ҳәм компьютерлер сатып алыў ушын бюджет қәрежетлерин қысқартыў есабынан  50 миллиард сум қосымша қаржы ажыратылды. Бундай унамлы жағдай бизиң тәжирийбемизде биринши мәрте жүз берип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Яки көпшилигиңиз хабардарсыз, кейинги пайытта орынларда дарақларды ғалаба рәўиште кесиў күшейип кеткен еди. Бул адамлардың наразылығына себеп болды. Соның ушын жақында дарақларды себепсиз кесиўге қарсы мораторий жәрияланды. Бул да жәмийетшилик пикири қандай күшли тәсирге ийе екенине мысал бола алады.

Булардың бәри адамларымыздың жәмийетлик процесслерге жуўапкершилик ҳәм тийислилик сезиминиң артып баратырғанын көрсетеди.

Әйне ўақытта жәмийетшиликтиң қадағалаўы «бир тәреплеме қурал»ға айланып қалмаўы керек.

Мәмлекетлик мәкемелер тек пуқараларға емес, ал, өзлерине билдирилген сын пикирлерди де әдиллик пенен, қалыс көрип шығыўы лазым. Қала ҳәм аўылларымыздың келбетин өзгертиў, қурылыс ҳәм абаданластырыўға байланыслы қарарлар, дәслеп сол аймақтағы халық арасында додаланып, жәмийетшилик экспертизасынан өткерилиўи шәрт.

Және бир мәселеге дыққатыңызды тартпақшыман.

Конституцияға тийкарланып судлар өз жумысларында бийғәрез, лекин, олардың шын мәнисиндеги қадағалаўшысы халық болыўы керек.

Судлар ҳәм тергеў мәкемелери қандай да бир ис бойынша шығарылған қарар бойынша пуқаралардың жәмәәтлик мүрәжатларына түсиник ҳәм ҳуқықый шолыўлар бериўи зәрүр.

Соны анық түсинип алыў лазым, жәмийетшиликтиң қадағалаўы ­ бул тек ғана мәмлекетлик мәкемелердиң жумыслары үстинен қадағалаў емес, ал, жәмийеттиң өзин-өзи басқарыў усылы, басқаша айтқанда, пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың әҳмийетли факторларынан бири.

Соның ушын Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси, Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы келеси жылы ҳәр бир тараў ҳәм тармақ бойынша жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың тәсиршең системасын жаратыўға бас-қас болыўы ҳәм инта көрсетиўи лазым.

Жәмийетлик қадағалаў, биринши гезекте, ҳуқықты қорғаўшы ҳәм қадағалаўшы мәкемелер, финанс, банк, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, коммунал хожалық, энергетика ҳәм транспорт тараўларында енгизилиўи зәрүр. Сондай-ақ, базарлар ҳәм саўда комплекслериндеги өнимлер ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасы сыяқлы мәселелер де бәрқулла жәмийетшиликтиң қадағалаўында болыўы дәркар.

Үшиншиден, ғалаба хабар қураллары нызамшылықты қәлиплестириўде шын мәнисиндеги «жәмийет айнасы»на айланыўы керек.

Сөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалар өткен үш жылда жәмийетимиз турмысында түпкиликли бурылыс жасады.

Бүгинги күнде халқымыз арасында жүрип, оны қыйнап атырған социаллық машқалаларды көрсетип берип атырған ең үлкен күш ­ бул бийғәрез ҳәм қалыс ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери есапланады.

Демократиялық реформаларымыз нәтийжесинде ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар лаўазымлы шахсларды өз жумысларын нызамлы тийкарда дурыс шөлкемлестириўге ийтермелемекте. Сол себепли де мәмлекетлик уйымлардың жумыслары ҳаққындағы мағлыўматларды жәмийетшиликке толық ҳәм тез жеткериў мақсетинде олардың ҳәр биринде баспасөз хызмети жумыс баслады.

Шынында, демократиялық жәмийетте барлық мәмлекетлик хызметкерлер ғалаба хабар қураллары менен жақын социаллық бирге ислесиўге үйрениўи керек.

Бизге белгили, бүгинги күнде дәстүрий хабар қураллары менен бирге Интернет, социаллық тармақлар, блогерлер жәмийетшиликтиң пикирин қәлиплестириўде үлкен роль атқармақта.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, күнделикли жумысларымызда ашық-айдынлық принциплерин күшейтиў мақсетинде биз пуқаралардың сөз еркинлигин, мәлимлеме алыў ҳәм тарқатыўға байланыслы конституциялық норманың орынланыўын әмелде толық тәмийинлеўимиз зәрүр. Буның ушын болса биринши гезекте ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў керек ҳәм биз бул бойынша жедел жумыс алып бармақтамыз.

Усы мүнәсибет пенен жәмийетлик қадағалаў да, ғалаба хабар қураллары да бирден-бир мақсетке, яғный, халқымызды разы етиў ҳәм оның турмысын жақсылаўға қаратылғанын ҳәммемиз бирдей аңлаўымызды қәлер едим.

Ҳәр бир мәмлекетлик уйым социаллық тармақларда өзиниң бетине ийе болыўы, әмелге асырып атырған жумыслары ҳаққында, керек болса, ҳәр күни толық мағлыўмат берип барыўы шәрт.

Және бир мәрте тәкирарлайман, Өзбекстанда жәмийетлик қадағалаў ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң нызамлы ҳуқықларына ҳеш қандай формада басым өткериўге жол қойылмайды.

Төртиншиден, қабыл етилип атырған нызамлар алып барып атырған реформаларымыз бенен үйлесикли болған жағдайда ғана ислейди.

Бул ­ әйне ҳақыйқат, аксиома. Лекин, айырым нызамларымыз заман талапларына сай емес. Сонлықтан нызамларды орынлаў механизмлерин анық система тийкарында жаратыў ­ әҳмийетли ўазыйпамыз есапланады.

Келеси жылдан баслап Әдиллик министрлиги нызамшылықты жаңалаў ҳәм системаластырыў бойынша пүткиллей жаңа ис усылына өтиўи зәрүр. Бунда Конституциямыз нормалары ҳуқықый тийкар болып хызмет етиўи лазым.

Бесиншиден, биз қаншелли жетилискен нызамлар жаратпайық, қандай реформалар өткермейик, егер пуқараларымыздың ҳуқықый билими, сана-сезими ҳәм мәденияты жетерли болмаса, күтилген нәтийжелерге ерисиў қыйын болады.

Ҳуқықтаныўшы алымлардың буннан бир неше әсир бурын «Ҳуқықты аңлаў жуўапкершилик сезимин раўажландырады», деп айтқан ҳикметли сөзлери ҳеш қашан өз әҳмийетин жоғалтпайды. Басқаша айтқанда, Конституция ҳәм нызамларға ҳүрмет, ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәденият ҳәр бир пуқараның, ҳәр бир лаўазымлы шахстың турмыс ҳәм жумыс тәризине айланыўы керек. Лекин, мине усындай ҳуқықый жуўапкершиликти бүгин ҳәммеде де қәлиплестирип атырмыз ба?

Тилекке қарсы, бул сораўға ҳәзирше унамлы жуўап бере алмаймыз. Мысал ушын, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнети менен жаратылған нанды халқымыз уллы ҳәм әзиз жемис сыпатында оғада қәдирлейди. Нанның қәдирин әсиресе, ырысқы-несийбемиз жаратыўшысы болған дийқан ҳәм фермерлеримиз жүдә жақсы биледи.

Бүгин усы саўлатлы сарайда олардың ең мүнәсип ўәкиллерин көрип турғанымнан жүдә қуўанышлыман.

Быйыл аўыл хожалығы хызметкерлери күни Конституция байрамы менен бир күнде белгиленип атырғаны бул әййямға өзгеше пайыз бағышламақта.

Пурсаттан пайдаланып, елимиздеги барлық дийқан ҳәм фермерлерди шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, оларға жоқары ҳүрмет ҳәм иззет билдириўге рухсат еткейсиз.

Биз ушын нан қаншелли әзиз ҳәм қәдирли болса, мийнеткеш дийқанларымыз, олардың мийнети де соншелли әзиз ҳәм қәдирли.

Ҳақыйқатында да, урыс ҳәм ашлықты басынан кеширген бабаларымыз бенен апаларымыз бизге балалықтан баслап нанды көзимизге сүртип қәстерлеўди үйреткен. Бул бизиң уллы қәдириятымызға айланған. Усы мәнисте, Жаратқанның бийбаҳа жемислерин, турмыстағы унамлы өзгерислерди қәдирлеў туйғысын перзентлеримиз қәлбине жаслығынан сиңдирип барыўымыз зәрүр.

Жасырыўдың қәжети жоқ, жоқары оқыў орнына оқыўға кириў, исбилерменликти баслаў ушын рухсатнама яки лицензия алыў, салық төлеў сыяқлы көплеген күнделикли турмыслық  мәселелерди шешиўде «нызамды шетлеп өтиў» бизиң шараятымызда жаман бир әдетке айланған еди.

Бундай иллеттиң тамырларын қырқыўға қаратылған жумысларды, қандай қыйын болмасын, әсте-ақырын әмелге асырып атырмыз. Атап айтқанда, балаларды бақшаға орналастырыўға электрон гезек, мектеплер ҳәм жоқары билимлендириўге оқыўға қабыл етиўде ашық-айдынлық тәртиплер жаратылды. Сондай-ақ, «бир айна» принципи тийкарында 100 ден аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.

Бирақ, бул өзгерислер себепли жәмийетимиз унамсыз иллетлерден, нызамға ҳүрметсизлик жағдайларынан пүткиллей қутылды, деп айтыўға еле ерте.

Ашық тән алыў керек, көпшилик адамларымыз бул мәселеде немқурайды ҳәм бийпәрўа болып қалмақта. Бүгин алып барып атырған реформаларымыз жолындағы ең үлкен тосқынлық та ҳақыйқатында усы емес пе?

Айырым пуқараларымыз басқарыў мәкемелеринен жуўапкершилик талап етиўди жақсы биледи-дә, лекин, өзиниң жәмийет алдындағы, нызам алдындағы жуўапкершилиги ҳәм миннетин умытып қояды. Ҳақыйқатында болса, Өзбекстанды жаңалаў, миллий раўажланыўды жаңа басқышқа көтериў бул ­ өз-өзинен, аңсатлық пенен болып атырғаны жоқ.

Ҳәммеңиз көрип турсыз, қаншелли аўыр ҳәм қыйын болмасын, бүгинги күнде зәрүр күш ҳәм имканият, қаржы таўып, қаншадан-қанша үлкен бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырмақтамыз. Жаңадан-жаңа кәрханалар, жол ҳәм көпирлер, бақша, мектеп ҳәм емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт объектлери, көплеп турақ жайлар қурып атырмыз ҳәм Қудай қәлесе, бундай ислеримизди және де көбейтемиз.

Халқымызда «Шапалақ еки қолдан шығады», деген мақал бар. Егер ойлап қарасақ, бул мақал Конституциямыз нормаларына да толық сәйкес келеди. Яғный, Тийкарғы нызамымызда пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери менен бирге, олардың ўазыйпалары ҳәм миннетлери де анық белгилеп қойылған.

Көпти көрген ҳүрметли кекселеримиз, белсенди пуқараларымыз, әзиз апа-қарындасларымыз, зиялылар, нәўқыран жасларымыз бүгинги реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, оларда пидайылық пенен қатнасып атырғаны жеке маған үлкен күш-қуўат бағышлайды. Имканияттан пайдаланып, бәршеңизге, пүткил халқымызға буның ушын шын жүректен айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Исенимим кәмил, биз мине усындай тыныш ҳәм татыў турмысымызды қәдирлеп, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилигимизди қәстерлеп сақлап, шүкирлик етип жасасақ, Жаратқанымыз өз жемисин халқымызға және де зыяда етип береди.

Әзиз дослар!

Биз жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў бағдарындағы жумысларымызды үзликсиз даўам еттириўимиз зәрүр.

Ҳуқықый тәрбияны мектепке шекемги билимлендириў системасынан баслаўымыз, бул бойынша дәслепки көнликпелер ана ҳәййиўи сыяқлы перзентлеримиз қәлбинен өмир бойы орын алыўы дәркар.

Конституциямыз ҳәр бир пуқараның санасы ҳәм қәлбинен терең орын алған, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин толық кепиллейтуғын ҳақыйқый турмыс нызамына айланыўы лазым.

Ҳәр бир тараў ҳәм бағдар, билимлендириўдиң барлық басқышлары ушын ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың илимий тийкарланған бағдарламасы таярланыўы керек. Бунда, бәринен бурын, Конституцияны үйрениўге терең жантасыў лазым. Улыўма билим бериў мектеплери ушын «Конституция әлипбеси», «Конституция сабақлары», «Конституция тийкарлары» сыяқлы сабақлықларды жаратыў зәрүр, деп есаплайман.

Әдиллик, Мектепке шекемги билимлендириў, Халық билимлендириўи, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери бул жумысларға жуўапкер болады.

Усы пәнлерден сабақ беретуғын оқытыўшыларды таярлаўда олардың сиясий, ҳуқықый ҳәм мәнаўий дәрежесине айрықша әҳмийет бериў лазым. Сондай-ақ, турмыстағы әдалат салтанаты, нызамлы ҳуқықлардың тикленгени ҳаққында қызықлы көрсетиўлер, сериаллар, көркем фильмлер, театр шығармаларын жаратыў да үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.

Улыўма алғанда, нызам ҳәм әдалат салтанаты ушын гүресетуғын инсанлар бүгинги күнниң қаҳарманлары болыўы керек. Әне усындай адамлардың өмири шайыр ҳәм жазыўшылар, режиссёрлар, журналистлер ушын дөретиўшилик тема болады, деп ойлайман.

Қәдирли ўатанласлар!

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў, ҳәр бир шахстың қәдирин ҳүрметлеў биз қурып атырған ашық, еркин ҳәм әдалатлы жәмийеттиң ажыралмас өзгешелиги есапланады. Бундай принцип Тийкарғы нызамымызда қатаң белгиленген.

Конституцияда халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги сыпатында беккемленип қойылған ҳәм бунда терең мәни бар. Бул қағыйдалар мәмлекетимизде демократия улыўмаинсаныйлық принциплерге тийкарланыўы, мәмлекет өз жумысларын тек инсан ҳәм жәмийеттиң абаданлығын гөзлеп әмелге асырыўын аңлатады. Буны бир ғана усы жылдың өткен дәўиринде Халық қабыллаўханаларына келип түскен 880 мыңнан аслам мүрәжаттың 510 мыңнан зыятының унамлы шешилгени де тастыйықлайды.

Усы мүнәсибет пенен барлық басшыларға және бир мәрте еслетип өтпекшимен. Бизге үмит ҳәм исеним билдирген, бизди басшы етип сайлаған, ел-журтымызды, ҳәр бир пуқараны разы етиў тийкарғы ўазыйпамыз екенин ҳеш қашан умытпайық. Халық бизден разы болса ­ Жаратқан да бизден разы болады.

Конституциямызда инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдири ҳәм басқа да қол қатылмайтуғын ҳуқықлары жоқары қәдирият сыпатында жәмленгени тегиннен емес. Мине усы принципти әмелге асырыў ушын бизде қатаң сиясий ерк-ықрар ҳәм жетерли имканиятлар бар. Буның ушын биз, ең дәслеп, төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўимиз зәрүр.

Бириншиден, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў нәтийжелилигин және де арттырыў ушын миллий стратегиямыз болыўы лазым.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде бул бағдарда кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.

Быйылғы жылдың өзинде «Шахсга байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы, «Жәбирлениўши, гүўаларды ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди. Сондай-ақ, Халықаралық мийнет шөлкеминиң «Мәжбүрий мийнет ҳаққында»ғы, «Санаат ҳәм саўдада мийнет инспекциясы ҳаққында»ғы конвенциялары ратификацияланды. Бул бизиң мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарындағы исенимли ҳәм өзгермейтуғын позициямызды көрсетеди.

Соңғы жылларда жынаят ислеген шахсларды әпиў етиў бойынша 8 пәрман қабыл етилип, 4 мыңнан аслам шахс жазаны өтиў орынларынан азат етилди. Мине усы ислеримиздиң логикалық даўамы сыпатында күни кеше гезектеги пәрманға қол қойдым. Оған муўапық жынайый қылмысына шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 92 судланыўшы әпиў етилип, олар еркин турмысқа қайтарылады.

Быйыл Жаслық поселкасындағы жазаны орынлаў колониясын жапқанымыз да мине усындай инсансүйиўшилик сиясаттың әмелий үлгиси болды.

Еркинен айырылған шахсларға пенсия ҳәм социаллық қамсызландырыў төлеў тәртиби биринши мәрте әмелиятқа киргизилди. Нәтийжеде мәнзил-колонияларда жазаны өтеп атырған пенсия жасындағы 709 судланыўшыға пенсия пуллары төлеп берилмекте.

Биз бурын жол қойған қәтемизди дүзетип, усы категориядағы пуқаралардың Конституциямызда белгиленген пенсия алыў ҳуқықын тәмийинлеў жолында дәслепки қәдемди қойдық.

Быйылғы жылы «Меҳир-1» ҳәм «Меҳир-2» инсансүйиўшилик илажлары табыслы әмелге асырылды. Мине усы илажлар шеңберинде Жақын Шығыстағы қураллы жәнжеллер майданынан, Аўғанстаннан 261 пуқара, тийкарынан ҳаяллар ҳәм балалар елимизге қайтарып алып келинди. Оларға зәрүр медициналық ҳәм материаллық жәрдем көрсетилди.

Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳаққында сөз еткенде, өткен үш жылда 9 мың 692, соның ишинде, быйылғы жылы 5 мың 868 ўатанласымыздың Өзбекстан пуқаралығына қабыл етилгенин атап өтиўди қәлер едим. Лекин, бул тараўда еле ислейтуғын жумысларымыз көп.

Бәринен бурын, жоқарыда атап өтилген Миллий стратегияны ислеп шығып, усы тийкарда бул бағдардағы сиясатымызды избе-из әмелге асырыўымыз керек. Бул стратегияда инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерине байланыслы конституциялық принциплерди жүзеге шығарыў механизмлери ашық-айдын белгилениўи лазым.

Жәмийетте инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳүрмет етиў мәдениятын қәлиплестириў, бул арқалы мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын және де арттырыўымыз зәрүр.

Миллий стратегия шеңберинде инсан ҳуқықларын оқытыўдың үзликсиз системасын жаратыў, улыўма билим бериў мектеплери, жоқары оқыў орынлары, кадрларды қайта таярлаў орайларында «Инсан ҳуқықлары», «Бала ҳуқықлары», «Ҳаяллар ҳуқықлары» атлы арнаўлы оқыў курсларын енгизиўдиң ўақыт-сааты келди, деп ойлайман.

Екиншиден, ҳуқық қорғаў уйымларын тек ғана халық мәпи жолынан шетке шықпай хызмет ететуғын мәкемелерге айландырыўымыз лазым.

Өткен үш жылда жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларын қорғаў системасы жаратылды. Мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлериниң жумысына рухсат берилди. Тараўды раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар ҳәм зәрүр илажлар тастыйықланды.

Хабарыңыз бар, еткен жылларда тинтиў процесин, алынған көрсетпелерди ҳәдийсе жүз берген жерде тексериў, тергеў эксперименти сыяқлы процессуал ҳәрекетлерди видеосъемка арқалы белгилеў шәртлиги нызамлы тийкарда белгиленген еди.

Бирақ, халық пенен пикирлесиўлер ҳуқық бузылыўы қәўпи болған басқа жағдайлар бойынша да усындай илажларды қолланыў зәрүрлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, шахсты услап турыў, оған процессуал ҳуқықларын түсиндириў сыяқлы процесслерди, егер ол қорғаўшыдан ўаз кешсе, бул жағдайды да мәжбүрий тәризде видеосъемкаға түсириў тәртибин орнатыў зәрүр.

Ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен усланған шахс арнаўлы имаратқа алып келингенинен кейин бул ҳаққында оның шаңарақ ағзалары дәрҳал хабардар етилиўи керек. Буны сорастырыўшы, тергеўши ҳәм басқа да ўәкилликли шахстың миннети сыпатында нызамда анық белгилеп қойыўды усыныс етемен.

Буннан тысқары, шахсты услап турыў ҳәм оның ҳуқықын шеклейтуғын басқа да процессуал мәжбүрлеў шараларын қолланыў жағдайларын есапқа алыўдың электрон системасына өтиў зәрүр. Бул процессте инсан факторының қатнасын илажы барынша азайтыў лазым.

Келеси жылдан баслап прокурор қарары үстинен судқа мүрәжат етиў тәртиби енгизиледи. Бул арқалы сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў процесинде теңсалмақлылықты, яғный, өз-ара тыйып турыў принциплерин тәмийинлеў имканияты жаратылады. Бундай зәрүр өзгерис те бизиң тәжирийбемизде биринши мәрте қолланылмақта.

Сыр емес, бурын прокуратура уйымлары оғада жабық, қадағалаўдан жырақ бир уйымға, образлы етип айтқанда, ақырғы инстанцияға айланып қалған еди. Буның ақыбетинде қаншадан-қанша адамлардың наҳақтан жәбир шеккени, әдалатсызлыққа дуўшар болғаны да әйне ҳақыйқат. Қаншелли аўыр ҳәм кеўилсиз болмасын, биз усы ҳақыйқатты тән алып, бул тараўда нызамлылықты ҳәм әдилликти қәлиплестириўге киристик.

Прокурор қарары үстинен судқа мүрәжат етиў бойынша раўажланған демократиялық мәмлекетлерде әмел ететуғын бундай тәжирийбени енгизиў турмысымызда әдиллик тәрезисин беккемлеўде үлкен қәдем болады, деп исенемен.

Судлардың шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў биз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, суд қандайда бир лаўазымлы шахстың қолы жететуғын мәкемеге айланып қалыўына улыўма жол қоймаў шәрт. Сол себепли суд ислерине араласқаны яки судқа басым өткергени ушынжуўапкершиликти күшейтиў зәрүр.

Кейинги пайытта Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың көпшилиги суд, прокуратура, ишки ислер уйымларының жумысларындағы кемшиликлерге тийисли. Усыны инабатқа алып, бул мәкемелер халқымыз бенен ислесиўдиң пүткиллей жаңа системасын жаратыўы зәрүр. Ҳәр бир арза ҳәм шағымның нызамлы шешими мине усы уйымлар басшыларының жумысына берилген баҳа болады.

Бундай жаңа өзгерислерди бәринен бурын, халқымыз, соның ишинде, елимизде нызамның үстин екенине исенип инвестиция киргизип атырған сырт елли шериклеримиз ҳәр тәреплеме сезиниўин қәлер едим.

Үшиншиден, адвокатура институтын жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди жаңа басқышқа көтериў зәрүр.

Бул системаның ҳуқықый статусын күшейтиў, адвокатлардың ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Лекин, еле өз шешимин таппаған машқалалар да бар. Мысал ушын, 33 миллионнан аслам Өзбекстан халқына тек ғана 4 мың адвокат хызмет көрсетип атырғанын унамлы баҳалап болмайды.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимиздеги адвокатлардың 60 проценти 50 жастан асқан шахслар болып табылады. Олардың арасында 30 жасқа толмаған жаслардың 70 ке де жетпеслигин қалай түсиндириў мүмкин?!

Бундай ашынарлы жағдайға шек қойыў ушын ең дәслеп адвокатлардың абырайын ҳәм статусын арттырыў, адвокатура институтының бийғәрезлигин тәмийинлеўимиз шәрт.

Жақын келешекте Адвокатура институтын раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў лазым. Ҳеш бир мәкеме адвокатлардың жумысларына тосқынлық етпеслиги шәрт.

Әйне ўақытта адвокатларға қойылатуғын квалификациялық талаплар да усы концепцияда толық сәўлелениўи зәрүр. Бул бағдарда биз раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйрениўимиз керек.

Төртиншиден, ҳүждан еркинлиги, миллетлераралық татыўлық, динлераралық кеңпейиллик, мәмлекетимизде ҳәм сырт еллерде пуқараларымызды кепилликли қорғаў буннан былай да мәмлекетлик сиясаттның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.

Усы мақсетте пуқараларымыздың муқаддес зыяратларды орынлаў менен байланыслы имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Атап айтқанда, умра зыяратына барыўшылардың саны 10 мыңнан 30 мыңға, ҳаж зыяратына барыўшылар болса 5 мыңнан 7 мың 200 ге шекем арттырылды, сапарға байланыслы қәрежетлер болса кемейтилди.

Улыўма, соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар сизлерге жақсы белгили, деп ойлайман.

Бүгинги күнде жергиликли ҳәм сырт еллердеги абырайлы экспертлер қатнасында биз «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциясы үстинде жумыс алып бармақтамыз. Бул нызам пуқараларымыздың ҳүждан ҳәм исеним еркинлиги бағдарындағы конституциялық ҳуқықларын толық тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Сырт еллерде ўақтынша мийнет етип атырған пуқараларымыз ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў бойынша да системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери бойынша республикалық комиссия дүзилди. Ҳүкимет қурамында Сырт еллерде ўақтынша мийнет етип атырған Өзбекстан пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәселелери департаменти шөлкемлестирилди.

Бирақ, шет елге ислеў ушын пуқараларды жибериў менен шуғылланып атырған базыбир жеке меншик фирмалар адамларды алдап атырғаны ҳаққындағы материаллар баспасөз бетлеринде жәрияланбақта. Департамент усы фирмалардың жумысларын қатаң қадағалаўға алыўы лазым.

Өзбекстан Республикасы, мәмлекет ишинде яки сыртында болыўына қарамастан, өз пуқараларын ҳуқықый қорғаў, оларға қәўендерлик көрсетиўди буннан былай да кепиллейди ҳәм барлық илажларды көреди.

Буның ушын, соның ишинде, сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларымыз тәрепинен көрсетилип атырған консуллық хызметлерин электрон формаға өткериў лазым. Сырт елдеги пуқараларымыз басқа қаладан консуллық бөлимлерине тиккелей өзи келип, әўере болмаўы керек.

Сыртқы ислер ҳәм Әдиллик министрликлери келеси жылы бул системаны толық иске қосыўға жуўапкер етип белгиленеди.

Бесиншиден, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер арасында ҳуқықый теңликти беккемлеўге мәмлекетимизде айрықша итибар берилмекте.

Ҳаял-қызлар комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң пүткиллей жаңадан шөлкемлестирилгени, оларға қосымша ўәкиллик ҳәм имканиятлар берилип, толық жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылғаны бул жолда жаңа қәдем болды.

Быйылғы жылы Конституциямиздың 46-статьясына тийкарланып «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теңдей ҳуқық және имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм «Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди. Бул нызамларды избе-из әмелге асырыўда парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў оғада зәрүр, деп ойлайман.

Келешекте де аналықты ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлардың социаллық машқалаларын шешиў мәмлекетимиздиң дыққат орайында болады.

Кейинги пайытта көплеген ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, экономика, финанс-банк, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда жуўапкер басшылық лаўазымларына көтерилмекте.

Өзиңиз айтың, орынларда адамлардың дәрт ҳәм тәшўишлерин, шаңарақ ҳәм мәҳәлледеги аўҳалын ким ҳәммеден көре көбирек биледи, ким ҳәммеден жақсырақ сезинедиЎ Әлбетте, ҳүрметли ҳәм меҳрибан ҳаялларымыз емес пе?

Ҳеш гүмансыз, социаллық машқалаларды анықлаў ҳәм оларды өз ўақтында шешиўде, басқарыў нәтийжесин арттырыўда апа-қарындасларымыздың орны ҳәм тәсири жүдә үлкен. Соның ушын биз ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, оларға түрли жуўапкер ўазыйпаларды исенип тапсырыўға қаратылған сиясатты және де белсене даўам еттиремиз.

Алтыншыдан, пуқаралардың Конституцияда белгиленген мүлк ҳуқықына қол қатылмаслық та бәрҳа мәмлекет қорғаўында болады.

Биз өткен жыллар даўамында исбилерменлик жолындағы артықша шеклеўлерди сапластырыў, олардың жумысына мәмлекетлик мәкемелердиң нызамсыз араласыўын қатаң шеклеў бойынша салмақлы ислерди әмелге асырдық. Атап айтқанда, коррупцияға жол ашып берип атырған жер ажыратыў әмелияты түп-тийкарынан реформаланды. Бул процесс ендигиден былай жер ажыратыў электрон системасы арқалы әмелге асырылмақта.

Келеси жыл 1-январьдан баслап ҳәкимлердиң аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди алып қойыў бойынша ўәкиллиги халық депутатлары Кеңеслерине бериледи. Бул өзгерис те мүлкке қол қатылмаслықты тәмийинлеў жолындағы шешиўши қәдемлерден бири есапланады.

Буннан тысқары, жерди алып қойыў ҳәм компенсация төлеўдиң жаңа тәртиби, жер тек мүлк ийесиниң келисими менен алыныўына байланыслы қағыйдалар енгизилди. Соның менен бирге, мүлкке қол қатылмаслық ҳаққындағы нызамларға әмел етпеген лаўазымлы шахсларға, олар қандай лаўазым ийеси болыўына қарамастан, жуўапкершилик күшейтилди.

Сондай-ақ, компенсация муғдары ҳаққында тәреплерде келиспеўшилик жүзеге келсе, енди бундай жағдайлар тек суд жолы менен шешиледи.

Бәршеге мәлим, усы пайытқа шекем ҳәкимлер жерден пайдаланыў ҳуқықын беретуғын қарарларды өзлери қабыл етип, ўақты келгенде болса, оларды өзлери бийкар етиўи де мүмкин еди. Енди мине усы ўәкилликти шеклеўдиң пурсаты жетти. Өйткени, бундай ўәкилликтиң тек ҳәкимге берилиўи түрли әдалатсызлықларға себеп болыўын көп мысаллар көрсетпекте. Бундай мәселелер енди тек суд тәртибинде шешиледи.

Бизнес-омбудсман тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң мүлклик ҳуқықларын нызамсыз шеклеў менен байланыслы ҳәдийселер анықланған жағдайда, оған исбилермен мәплерин гөзлеп судқа мүрәжат етиў ҳуқықын бериў лазым.

Тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын ҳәкимлердиң пуқараларға жер бериў ҳаққындағы қарарларын тийисли сайтларда жәриялап барыў әмелиятын жолға қойыў керек.

Биз физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлк ҳуқықы кепилликлерин тәмийинлеў мақсетинде халықаралық стандартларға жуўап беретуғын реформаларымызды буннан былай да қатаң даўам еттиремиз.

Бир сөз бенен айтқанда, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў ушын биз турмысымыздың барлық тараўларында конституциялық бақлаўды күшейтиўимиз зәрүр. Бул болса ақырғы нәтийжеде инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, оның абырайы, қәдири, мүлкиниң қол қатылмаслығын сақлаў, пуқаралардың мийнет етиў, билим алыў, медициналық жәрдемнен пайдаланыў сыяқлы ең тийкарғы ҳуқықларын толық тәмийинлеў имканиятын береди.

Қәдирли ўатанласлар!

Бәршеге мәлим, усы жыл 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм халық депутатлары Кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.

«Жаңа Өзбекстан ­ жаңа сайлаўлар» сүрени астында өтип атырған бул кампания мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы оғада әҳмийетли ўақыя есапланады.

Конституциямызға муўапық, пуқаралар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ислерди басқарыўда тиккелей және өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Сайлаўда өзине мақул болған талабан яки қайсы бир партия алға қойып атырған бағдарлама ушын даўыс бериў, оларды қоллап-қуўатлаў ўәкиллик демократиясының айқын көриниси.

Өткен қысқа дәўирде сайлаўға байланыслы 21 нызам системаластырылып, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте бирден-бир Сайлаў кодекси қабыл етилди. Бул миллий нызамшылығымызды беккемлеў, демократиялық сайлаўларды өткериўди және де жетилистириў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Бул кодекстеги ең үлкен жаңалық сиясий майданның толық сиясий партияларға берилиўи менен байланыслы, десек, алжаспаған боламыз. Оған муўапық, сиясий партиялар Нызамшылық палатасына болып өтетуғын сайлаўда бурынғыдай 135 емес, ал, толық ­ 150 сайлаў округинен өз кандидатураларын көрсетеди.

Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ушын белгиленген квотаның бийкар етилгени де сиясий майданда саламат бәсекини қәлиплестириўге хызмет етеди.

Сайлаў кодексине муўапық сиясий партияның ўәкилликли ўәкилиниң ҳуқықлары да кеңейтиледи. Енди ўәкил сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазларының қалай толтырылғанын тексериўде қатнасады. Сондай-ақ, ол сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ҳуқықына да ийе.

Булардың барлығы сайлаў процесинде ашық-айдынлықты, жәмийетлик қадағалаўды арттырыўға хызмет етеди.

Быйылғы сайлаўларда пуқараларымыздың еркин даўыс бериўи ушын орынларда 6 минг 720 округ ҳәм 10 мың 253 сайлаў участкасы дүзилди.

Пуқаралардың сайлаў ҳәм сайланыўға байланыслы ҳуқықлары және де кеңейтилди ҳәм әмелде болған көплеген шеклеўлер бийкар етилди.

Конституциямызда белгиленген пуқаралардың сайлаўда қатнасыў ҳуқықын тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылы және бир қәдем тасладық. Енди аўыр ҳәм оғада аўыр болмаған жынаятларды ислеген шахслар да сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болды. Усы тийкарда болажақ сайлаўларда еркинен айырылған 1 мың 905 шахстың да қатнасыўы ушын нызамлы имканият жаратылды.

Ҳеш гүмансыз, жаңа Сайлаў кодекси ҳәм ондағы 30 дан аслам жаңа демократиялық қағыйдалар сайлаў нызамшылығымызды және де жетилистириўге хызмет етеди.

Быйыл мәмлекетимизде 5 сиясий партия сайлаўда қатнаспақта. Халқымыз турмыслық машқалалар ҳәм олардың шешимин жақсы билетуғын, реформалар нәтийжесине хызмет ететуғын нызам ҳәм қарарлар қабыл етиўде жанкүйерлик көрсететуғын, үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе инсанлардың депутат болыўын қәлейди. Соның ушын көппартиялылық тийкарында сайланатуғын жаңа парламентимиз, биринши гезекте, халқымыз ҳәм Ўатанымыз мәплерин қорғаўға уқыплы болған депутатлардан ибарат болыўы лазым.

Сайлаў процесинде онлаған халықаралық шөлкемлер, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының толық миссиясы бақлаўшылары және 40 тан аслам сырт ел мәмлекетлеринен 600 ден зыят бақлаўшы қатнасыўы күтилмекте.

Бул сайлаўлар арқалы халқымыз бүгинги реформаларымызға баҳа берсе, дүнья жәмийетшилиги жаңаланып атырған Өзбекстанға баҳа береди.

Ҳәр бир ўатанласымыз өзиниң конституциялық ҳәм пуқаралық ўазыйпасын, Ўатанымыз тәғдири ҳәм келешеги алдындағы жуўапкершилигин аңлап, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың тынышлығы ҳәм абадан турмысы ушын, перзентлеримиздиң бахты ҳәм камалы ушын даўыс береди, деп ойлайман.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Бәршемизге жақсы мәлим, ҳәзирги күнде дүнья тез пәт пенен өзгермекте. Инсанияттың тәғдири ҳәм келешегине тәшўиш салып атырған қәўип-қәтерлер кем-кемнен күшейип бармақта. Жәҳән көлеминде аяўсыз бәсеки, түрли келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықлар, саўда урыслары оғада кескин түс алмақта.

Мине усындай қурамалы шараятта биз тек халқымыздың ақыл-парасаты, бүгилмес ерк-ықрары ҳәм потенциалына, өз күш ҳәм имканиятларымызға таянып, әйне ўақытта дүнья жәмийетшилиги менен бирге ислесип, исенимли түрде алдыға барыўымыз шәрт. Бул бағдарда бизге Конституциямыз ҳәмийше жетекши болып, шексиз күш-қүдирет дәреги болып хызмет етеди.

Биз бүгин өз алдымызға үлкен-үлкен мақсетлер қойып, шекти бәлент алдық.

Өзбекстанда демократиялық реформалар турақлы түс алды ҳәм ҳеш ким, ҳеч қандай күш бизди өз таңлаған жолымыздан қайтара алмайды.

Бул ­ бүгинги турмыс, бүгинги заман талабы.

Бул ­ көп миллетли, кеңпейил, мийнеткеш ҳәм қайыр-сақаўатлы халқымыздың тилеги. 

Ҳәм биз халқымыздың түпкиликли мәплери, оның ийгиликли арзыў-умтылысларын сәўлелендиретуғын мине усындай сиясатты жедел даўам еттиремиз. Тек даўам еттирип ғана қоймай, ал, оны жаңа, және де жоқары басқышқа көтеремиз.

Ел-журтымыз, дүнья жәмийетшилиги бизге үлкен исеним менен қарамақта. Мине усы жоқары исенимге ҳәр тәреплеме мүнәсип болып, исеним менен алға умтылып, гөзлеген уллы мақсетлеримизге биргеликте әлбетте жетемиз.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәресимде қатнасып атырған, ийгиликли баслама ҳәм реформаларымызды қоллап-қуўатлап киятырған ҳүрметли елшилерге, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине өзимниң атымнан, халқымыз атынан шексиз миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Сизлерди, пүткил халқымызды қутлы әййям ­ Конституция күни менен және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, үйлериңизге тынышлық-қәтержамлық ҳәм қут-берекет тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА