Сайлаў – 2019

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының усы жыл 30-ноябрьдеги арнаўлы буйрығына муўапық, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилди.

Ондағы мақсет – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаў участкаларына алып баратуғын жоллардың ҳәм мәҳәллелердеги ишки көшелердиң жағдайын жақсылаў ҳәм оңлаў болып есапланады.

– Өткерилген илажлар даўамында 2 мәҳәлледеги көшелердиң 2700 метрлик аралығы тегисленип, көшелерге 2203 метр куб шебень-қум араласпасын төсеў жумыслары алып барылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкери И.Қосбаев. –  Бул жумысларға 79 хызметкер қатнасты ҳәм 11 техника тартылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.