Сайлаў – 2019

Сиясий партиялар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўлар алдынан үгит-нәсият илажларын даўам етпекте.

Усындай илажлардың бири Тақыятас районында «Әдалат ҳәр бир инсан ушын!» сүрени астында «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилди.

Акцияда партияның Қарақалпақстан Республикалық ҳәм районлық Кеңесиниң басшылары ҳәм хызметкерлери, партия белсендилери, депутатлыққа усынылған талабанлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нуранийлер, жаслар, ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер, коррупцияны сапластырыў, суд-ҳуқық системасындағы реформаларды және де тереңлестириў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметти бийпул етиўге ерисиў ең әҳмийетли ўазыйпалары екенлигин атап өтти.

Акцияда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында көнцерт бағдарламасы қойып берилди.

Усындай акция «Cапасыз ҳәм қәлбекилестирилген дәри өнимлерине қарсымыз!» сүрени астында Нөкис районында да болып өтти.

Акция шеңберинде партиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына 8-санлы «Ақмаңғыт» сайлаў округинен дизимге алынған талабан Алимбай Атабаевтың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Талабан өзиниң алға қойған мақсетлери туўралы мағлыўмат берип, соннан, «Ақыллы медицина» системасын қәлиплестириў, медицина системасына заманагөй АКТлерди енгизиў, халықты қәўипсиз дәри өнимлери менен тәмийинлеў, усы бағдарда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў сыяқлы ўазыйпаларды атап өтти.

Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Усындай ушырасыўлар барлық район (қала)ларда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.