Ассалаўма әлейкум, қәдирли дослар!

Әзиз ўатанласлар!

Ең дәслеп, бәршеңизди елимиз Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаўға, елимизге тынышлық, шаңарақларыңызға аманлық, экономикамыздың және де беккемлениўи ҳәм халқымыздың абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеўге рухсат еткейсизлер.

Бәршеңиз жақсы билесизлер, елимиз Конституциясы өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиз тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып саналады.

Ҳүрметли Президентимиз «Халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў – Конситуциямыздың бас мақсети болып табылады», деп атап өткениндей, тынышлықтың қәдирине жетиў, ата-бабаларымыз мийрасларын қәстерлеп-сақлаў, елимизди және де абадан үлкеге айландырыў, нураный инсанларды, ҳаял-қызларымыз бенен жасларымызды қоллап-қуўатлаў – бүгинги турмысымыздың тийкарғы өлшемине айланып бармақта.

Ҳақыйқатында да, Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, жәмийетте өз орнын ийелеген ҳәр бир инсан өзлериниң талапшаңлығы, жақсылыққа умтылыўы, елимиз имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўы менен жоқары табысларға ерисип келмекте.

Бунда, әлбетте, елимизде узақты гөзлеген мәмлекетлик сиясат, қабыл етилип атырған нызамлар, Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан бойынша қабыл еткен арнаўлы қарарлары, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда айрықша орын ийелейди.

Әсиресе, өткен үш жыл ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанда 6 мәрте болғаны, соның ишинде, усы жылдың август айы сапары даўамында 14 триллион 684 миллиард сўмлық 697 жойбарды әмелге асырыў ҳәм усының есабынан 14 мыңға жақын жумыс орынларын жаратыў ўазыйпаларын белгилеп бергени турмысымызда айрықша орын тутпақта. Бул жойбарлардың барлық дәреклери анықланып, жумыслар баслап жиберилди. Ҳәтте, бүгинги күнге дейин 337 миллиард сўмлық 90 жойбар иске түсти.

Буннан тысқары, «Шорбулақ» ҳәм «Еки дәрья аралығы» суў сақлағышларында кең көлемли қурылыс ҳәм реконструкция жумысларының алып барылыўы, «Тебин булақ» руда кәнинде жойбар баҳасы 1 миллиард 800 миллион АҚШ доллары болған металл ислеп шығарыў комбинатының қурылысы бойынша жойбар-смета жумысларының жуўмақланғаны, объекттиң қурылыс ислери 2020-жылдың бәҳәр айларында басланыўы күтилип атырғаны – булардың барлығы экономикамыздың тез пәтлер менен раўажланыўына, халқымыз дәраматларының артыўына, ең тийкарғысы, инсанлардың турмыстан разы болыўына беккем тийкар болмақта.

Соның менен бирге, Ҳүрметли Президентимиз жаратып берген имканиятлар нәтийжесинде өткен жылы бюджет прогнозының артықша орынланған бөлеги есабынан 1 триллион сўм қаржылар халқымыз ийгилигине қалдырылып, бул қаржылар биринши нәўбетте аўылларымызды абат етиў, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, балалар бақшаларын, мектеплерди, мәденият, спорт ҳәм медицина объектлерин ремонтлаў, олардың материаллық-техникалық базаларын беккемлеў сыяқлы кең көлемли ийгиликли ислерге жумсалған болса, быйылғы жылы өзлеримиздиң қәрежетлеримизди есапқа алып, бюджетке дәраматлар түсимин ҳәм жумыслар көлемин өткен жылға салыстырғанда 2,5 есеге көбейтиўди реже қылып алғанбыз. Усындай жоқары режелерди мақсет етиўимизге қарамастан, быйылғы жылы да бюджет прогнозын 3,5 триллион сўмға орынлап, соннан 750 миллиард сўмлық “еркин қалдық” қаржылары қалыўы күтилмекте.

Келеси жылдың бюджет параметрлериниң қабылланыўының әҳмийетли тәрепи сонда, жақында, яғный 30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында биринши мәрте «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам мақулланды. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, бул Нызамда Қарақалпақстанның басқа ўәлаятлардан айырмашылығы сонда, барлық ири кәрханалардың ҳәмде басқа да салық төлемлери 100 пайыз өзимизде қалдырылмақта.

Қарақалпақстанға деген бундай жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы ушын пүткил халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Қәдирли дослар!

Бүгинги күнде экономикамыздың тийкары болған исбилерменликти және де раўажландырыў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.

Мине, быйылғы жылдың өзинде «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында 309 миллиард сўмлық жеңиллетилген кредитлердиң берилгени, 180 миллион АҚШ долларлық инвестициялардың алып келингени, Германия, Қытай, Корея, Япония, Түркия, Латвия, Польша, Беларус Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлерге 150 ден аслам түрдеги өнимлердиң экспортқа шығарылғаны, быйылғы жылдың өзинде қосымша Тунис, Болгария ҳәм Сингапур сыяқлы мәмлекетлерге өнимлердиң экспортқа шығарылыўы – бул халқымыз несийбеси артып, ишки имканиятларымыздың кеңейип атырғанын және бир мәрте дәлиллейди.

Тағы да турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында сөз ететуғын болсақ, халқымыз интизарлық пенен күтип отырған ең ири объектлерден саналған «Нөкис сити» комплекси ушын жер майданы ажыратылып, бас режеси ислеп шығылғаны, қала ҳәм районларымыздың фармацевтика, электротехника, нефть-химия санааты, қурылыс материаларын ислеп шығарыў, тоқымашылық, туризм, шарўашылық, бағшылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға қәнигелескени, Мойнақ районында ҳәр айда кеминде 5-6 объекттиң иске түсип атырғаны, сондай-ақ, бүгинги байрам алдынан қала ҳәм районларымызда 50 ден аслам объекттиң пайдаланыўға берилип атырғаны, халқымыз өтмишин өзинде жәмлеген пайтахтымыздағы Тарийх ҳәм мәденият музейиниң пайдаланыўға берилгени, миллий мәдениятымыз дүрданаларын халқымызға инам етиўде әҳмийетли саналған «Кино-концерт залы»ның иске түскени сыяқлы көплеген мысалларды келтириўимиз мүмкин.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жақында ғана усы театрда «Аралбойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасында өткерилген халықаралық экологиялық конференцияда 30 ға жақын мәмлекеттиң абырайлы шөлкемлеринен 250 ден аслам мийманлар қатнасып, халқымыз тәғдири ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бундай өзгерислер менен жаңаланыўларды келешекке үлкен үмитлер ҳәм исеним менен жасап атырған халқымыз турмысында, күннен-күнге шырай ашып атырған барлық қала ҳәм районларымыз мысалында, экономика, санаат, қурылыс, транспорт ҳәм социаллық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелерде көплеп ушыратыўымыз мүмкин.

Бул ушын әлбетте, Сизлердиң ҳәмде пүткил халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге және бир мәрте мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Әзиз дослар!

Мине, бүгинги күнде елимиз келешеги ҳәм халқымыз тәғдири менен байланыслы оғада әҳмийетли сиясий мапаз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлар алдында турмыз.

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиўимиз тийис, сайлаў кампаниясы дәўиринде халқымыздың ҳуқықый ҳәм сиясий билимлери жетилискени, олардың дүньяқарасы кеңейип, белсендилиги артып атырғаны, ең тийкарғысы, елимиздиң ертеңги күнине деген жуўапкершилиги айқын көзге тасланбақта.

Болажақ сайлаўларда халқымыз  Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, ел тәғдири ушын өзлериниң бийпарқ емеслигин және бир мәрте дәлиллейди, деп беккем исенемиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди елимиз Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллық байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, инсанлардың дәрти менен жасап, олардың жарқын келешегин тәмийинлеў, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

Дыққатларыңыз ушын рахмет.