«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып Нөкис қаласының Атшабар майданында болып өткен «Зүрәәт байрамы»нан репортаж

2017-жылдан баслап Президентимиздиң басламасы менен декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте. Быйылғы жылғы байрамның Конституция күнине туўра келиўи менен де әҳмийетли болды. Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлық дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, жылдың машақатлы келиўине қарамастан пахта, бийдай ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.

Байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң Өзбекстан Аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында бул пидәкерлик мийнет айрықша атап өтилди. «Бәршемизге жақсы белгили, аўыл хожалығы экономиканың ең ески, ҳеш қашан өзиниң орнын ҳәм әҳмийетин жойтпайтуғын таяныш тармақларынан бири болып табылады. Әне усындай әҳмийетли тараўдың аўыр жүгин көтерип киятырған атайы дийқан ҳәм фермерлер, мийнеткеш шарўалар ҳәм пиллекешлер, шебер суўшы ҳәм ирригаторлар, өз жумысының ҳақыйқый устасы болған механизатор ҳәм агрономлар, жанкүйер илимпаз ҳәм қәнигелерди дүньядағы ҳүрметли кәсип ийелери десек, әйне ҳақыйқат болады»,-деп, олардың мийнетине жоқары баҳа берилди. Соның менен бирге,  байрам қутлықлаўында елимиздиң барлық аўыл хожалығы хызметкерлери қатарында, экологиялық қыйын шараятта жасап атырған республикамыз дийқанларының, азамат фермерлеримиздиң жоқары нәтийжелерге ерисилгенлиги атап өтилди.

Миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безетилген Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып «Зүрәәт байрамы» болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң Өзбекстан Аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни елимиз экономикамыздың барлық тараўлары раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилип бармақта. Бунда Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары, Қарақалпақстанға деген айрықша итибары және ғамқорлығы салмақлы орын тутпақта. Усы тийкарда районларымыздың мийўе-овощ, шарўашылық, балықшылық, қусшылық, бағшылық, жүзимгершилик сыяқлы  тараўларға қәнигелестирилип, Бозатаў, Тахтакөпир, Мойнақ, Қоңырат районларында шарўашылықты раўажландырыў бойынша арнаўлы қарардың қабыл етилгенлигин буның айқын дәлили болып табылады. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде жыл басынан бери 165 миллиард сумлық 68 жойбар иске түсирилип, 640 тан аслам аўыл хожалығы техникасы алып келинди.  Айланыстан шығып кеткен 7 мың гектардан аслам егислик майдан қайта тикленип, 522 миллиард сумға жақын қаржы есабынан 1600 километрге шамалас ирригация ҳәм мелиорация объектинде қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылды. Келеси жылы пахтадан өнимдарлықты 25 центнерге, бийдайдан 61 центнерге жеткериў, 110 гектар майданда ыссыхана қурыў,  мың гектар майданда интенсив бағ шөлкемлестириў, сырт еллерден 10 мың бас шарўа малын алып келиў режелестирилмекте. Соның менен бирге, мийўе-овощ өнимлерин қайта ислейтуғын 20, гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта ислейтуғын 25 кәрхана иске түсириледи.

Өзбекстан Республиккасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев жыйналғанларды Конституция ҳәм Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамлары менен қутлықлап, Президентимиз қутлықлаўының мазмун-мәниси, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша келеси жылға белгиленген ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Беруний районы биринши, Тақыятас районы екинши, Нөкис қаласының командасы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортаға гүрес бойынша «Бәркамал әўлад-2011» жарысының жеңимпазы, бир неше мәрте Қарақалпақстан чемпионы, жаўынгерлик самбо бойынша Өзбекстан чемпионы, Шоманай районынан Мийирбек Абдихалиқов ҳәм дзюдо бойынша Азия чемпионы, халықаралық жарыслардың жеңимпазы, Әмиўдәрья районынан Элёр Машариповлар мирәт етилди. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Элёр Машарипов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов палўанға бас байрақ-Президентимиздиң саўғасы «Cobalt» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды. Буннан кейин бир нешше салмақ категорияларында пайўанлар беллесип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қошқарлар урысы да  тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Бас байрақ ушын өткерилген жарыста жеңиске ерискен қошқар ийеси мотоцикл менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Буннан  кейин бир, үш, бес, жети, он еки айлаўға атлар жиберилди. Онда Ташкент қаласынан, ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти. Әсиресе, он еки айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болды. Бәйгиге биринши болып келген Шымбай районынан Бахыт Ибрагимовтың  аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы «Cobalt» автомашинасы тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер мотоцикл, музлатқыш, телевизор, гилем сыяқлы қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў», «Теңге алыў», «Көкпар» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшылары хош кейпият бағышлады. «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып өткерилген «Зүрәәт байрамы» халық сейили менен узақ даўам етти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.