Сайлаў-2019
Кегейли районындағы «Жалпақ жап» АПЖда 53-санлы «Халқабад» сайлаў округинен Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа талабан А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.
Ушырасыўда талабанның өмир баяны, сайлаўалды платформасында көрсетилген ўазыйпалар туўралы оның исенимли ўәкили кең түрде мағлыўмат берди.
– Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кең түрде раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, олардың жумысына нызамсыз араласыўдың алдын алыў, аўылларда көплеген киши өндирис кәрханаларын шөлкемлестирип, жетистирилген өнимлерди cақлаў, қайта ислеў, таяр азық-аўқат өнимлерин қадақлаў ушын ең заманагөй технологиялар менен үскенелеўди жолға қойыў, олардың экспортын шөлкемлестириў, соның менен бирге, аўыллық жерлерде жаңа жумыс орынларын жаратыў ўазыйпаларын әмелге асырыўымыз керек,-дейди талабан А.Данияров.
Илажда аймақ турғынларының машқалалары тыңланып, оларды талабанның сайлаўалды платформасына киргизиў ўазыйпалары да көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.