Социаллық тармақларда жол-патруль хызметкериниң тоқтаў ҳаққындағы ескертиўине бойсынбастан, хызметкерди автомобиль капоты үстинде ярым километр аралыққа шекем сүйреп кеткен «Spark» видеосы тарқалды. Ўақыя Нөкис қаласында жүз берген, деп жазбақта «Дарё».

Бул ҳәдийсе жәбирлениўши жол-патруль хызметкери тәрепинен тоқтатылған басқа бир транспорт басқарыўшысы тәрепинен видеоға түсирилген.

Видеодан мәлим болыўынша, ўақыя Гөне қала аймағындағы бурынғы автомобильлер тоқтаў орнына жақын жерде жүз берген.

Ўақыяның не менен жуўмақланғаны намәлим. Бул жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат берилмеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.