Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыўына арналған «Қарақалпақ тил илими ҳәм түркий тиллердиң актуаль мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимов сөзге шығып, ғәрезсизлик дәўиринде қарақалпақ тилин илимий аспектте терең изертлеў мәселелери, тараўдағы әҳмийетли жаңалықларға тоқталып өтти. Қарақалпақ тили мәмлекетлик тил бийлигине ийе болғаннан соң фонетикалық жақтан дерлик ҳеш қандай өзгериске ушырамады. Өткен дәўир ишинде тилимиздиң сөзлик қурамы байып, сөзлик қорымызға жаңа сөзлер кирип келди.
Қарақалпақ тилиниң әлипбесинде де заманагөй өзгерислер әмелге асырылып, латын графикасы тийкарындағы әлипбе жаратылды. Профессор 2016-жылға шекем әлипбеге киргизилген өзгерислер ҳаққында айырықша тоқталып, булар тек ғана келешек ийелериниң билим дәрежесине емес, әлипбедеги жазыўлар ҳәм олардың китап болып басылыўына да унамсыз тәсир көрсеткенлигин, усы кемшиликлерди, соның менен бирге, илимпазлар, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң пикирлерин есапқа ала отырып, 2016-жылы латын графикасындағы әлипбеге өзгерислер киргизилгенлигин атап өтти. Усы өзгерислер тийкарында улыўма 23 мың сөзди өз ишине қамтыған қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги исленип, 4 мың нусқада китап болып баспадан шығарылып, елимиздеги улыўма билим бериў мектеплерине тарқатылды. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта 30 баспа табақтан ибарат болған қарақалпақ тилиниң академиялық сөзлиги жаратылып, баспаға бериў ушын таяр болып тур.
Профессор Ш.Абдиназимов көшелерде, жәмийетлик орынларда саўда ҳәм халыққа хызмет көрсетиў орынларының атамаларының да басқа тиллерде жазылыў жағдайларының көп ушырасып атырғанлығын атап өтти. Мағлыўматларға қарағанда, Германияда усындай атамалардың 80% и немис, 20% и инглис тилинде, Қытайда болса 95% и қытайша, 5% и ғана инглис тилинде жазылған. Бизде болса мәмлекетлик тилде жазылғанлары әдеўир аз екенлиги сынға алынды.
Сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында көбинесе интервью бериўши респондентлердиң бир неше тиллерди қарыстырып сөйлеў жағдайлары да ушыраспақта.
Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигин қайтадан ислеп шығыў мәселеси де тилши илимпазларымыз алдындағы баслы ўазыйпалардың бири екенлиги атап өтилип, ҳәзирги ўақытта 5 томлық түсиндирме сөзликти баспаға таярлаў жумыслары қызғын пәтлерде даўам етпекте. Соның менен бирге, тараўлар бойынша 2 томлық терминологиялық сөзлик те баспа ушын таярланды.
Президентимиздиң өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен жәрияланған қутлықлаўында, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша департамент шөлкемлестириў мәселеси көтерилген еди. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Терминологиялық орай тийкарында усындай департамент дүзиў усынысы билдирилди. Және де 2020-2030-жылларда мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў усыныс етилип, онда тилди оқытыў методикасын жетилистириў, инфраструктурасын жақсылаў, оқытыўшылардың мотивациясын арттырыў, мәмлекетлик тилдиң қолланылыў тараўларын республика бойынша еле де кеңейтиў, тил мәдениятын жетилистириў сыяқлы күнниң әҳмийетли мәселелери орын алады.
Конференцияда филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощанов баянат жасап, тилдиң дурыс қолланылыўы, оны терең үйрениў бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзиў кереклигин, сондай-ақ, көшелер, хызмет көрсетиў орынларының атамалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў мәкемелеринде тилди дурыс қолланыў және қарақалпақ тилин оқытыў бойынша илимий журнал шөлкемлестириў зәрүрлиги ҳаққындағы пикир-усынысларын билдирди.
Илажда филология илимлериниң кандидаты, доцент А.Пирниязова «Түркий тиллер фразеологиялық системасында қарақалпақ тилиниң орны» және Түркия Республикасынан Шейме Гурлейен «Мәспатша дәстанында сөзлерди қолланыўдың стильлик өзгешеликлери» атамаларында баянатлар жасады.
Конференция даўамында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен институт студентлери арасында өткерилген қосық ҳәм шығармалар таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.
Конференция институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли ҳәм пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеп-интернатының оқыўшылары, институттың қәбилетли жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.