2019-жылда Өзбекстанда әҳмийетли сиясий процесс – Олий Мажлис ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық, районлық (қалалық) кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди.

Соған бола, ҳәзирги ўақытта Нызамшылық палатасы депутатларын ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаўға қызғын таярлық жумыслары әмелге асырылмақта.

Бирақ бул процессте айырым блоггер ҳәм ҒХҚлар тәрепинен нызамшылыққа қайшы болған мағлыўматты тарқатыў, ҳәр қыйлы тийкарсыз сораўлар өткериў жағдайлры ушыраспақта.

Атап айтқанда, телеграммдағы каналлардың биринде айырым лаўазымлы шахслардан қайсы биреўиниң Бас министр болыўы мүмкин екени ҳаққында сораў өткерилген.

Бундай жағдайлар адамлар арасында түрли жалған өсеклердиң келип шығыўына ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин манипуляциялаўға себеп болыўы мүмкин екенлигин есапқа алып, әмелдеги нызамшылықта белгилеп қойылған Бас министрди тастыйықлаў тәртиби ҳаққында мағлыўмат бериўди шәрт деп билдик.

Өзбекстан Республикасы Конституциясына тийкарланып Бас министрдиң кандидатурасы Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынларын алған сиясий партия ямаса тең муғдардағы ең көп депутатлық орынларын қолға киргизген бир неше сиясий партия тәрепинен Президентке көрип шығыў ушын  усыныс етиледи.

Бунда, Президент усыныс етилген Бас министр лаўазымына талабанды көрип шыққаннан кейин оны Олий Мажлис палаталарының көрип шығыўы ҳәм тастыйықлаўы ушын киргизеди.

Бас министрдиң кандидатурасы оның ушын тийислисинше Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары улыўма санының ярымынан көби тәрепинен даўыс берилген жағдайда  тастыйықланған есапланады.

Яғный, Бас министрди тастыйықлаў процеси анық тәртипке салынған болып, онда тек ғана сайлаўларда көп даўыс топлаған партияның пикири емес, ал Президент, сенаторлар ҳәм басқа да депутатлардың пикири де шешиўши әҳмийетке ийе.

Жоқарыдағыларға бола, мағлыўмат тарқатылып атырғанда жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы жуўапкершиликти умытпаўға шақырамыз.

 

Әдиллик министрлиги

Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

ӨзА