Қәдирли дослар!

Сиз, әзизлерди Өзбекстан реңли металлургия санаатының жетекшиси-Алмалық кән-металлургия комбинаты шөлкемлестирилгениниң қутлы 70 жыллық сәнеси мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.

Комбинат тарийхы республикамызда реңли, сийрек гезлесетуғын ҳәм баҳалы металларды қазып алыў және оларды қайта ислеўге қаратылған пүткиллей жаңа тармақтың жаратылыўы ҳәм ири өндирис қуўатлықлары ҳәм заманагөй Алмалық қаласының пайда болыўы менен тиккелей байланыслы болып табылады. Бул тарийхтың тийкарында даңқлы дәстүрлерди мүнәсип даўам еттирип атырған, пүткил билим ҳәм тәжирийбесин, шеберлигин, бар ықласын өз исине арнап, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған мыңлаған адамлардың оғада үлкен машақатлы хызметлери жәмлескен.

Кәрхананың қурылыўы мәмлекетимиздиң экономика тармақлары ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған минерал байлықларды кең көлемде өзлестириўге жол ашып берди.

Сизлерге белгили, бүгинги күнде елимизди раўажландырыўдың жаңа басқышында биз санаат ҳәм экономикалық имканиятымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратпақтамыз.

Комбинат мысалында алатуғын болсақ, бул бағдарда өткен жылы қабыл етилген «Алмалық кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң өндирислик қуўатлықларын реконструкциялаў ҳәм турақластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар кәрхана жумысы ушын үлкен имканиятлар жаратып бермекте.

Усы үлкен комплекстиң көп миллетли ҳәм аўызбиршиликли жәмәәти республикамызда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған терең структуралық реформалар процесинде, пүткил мәмлекетимизди, миллий экономикамызды түп-тийкарынан модернизациялаўда белсене қатнасып атырғанын бәршемиз жақсы билемиз ҳәм шексиз қәдирлеймиз.

Әлбетте, Ўатанымыздың күш-қүдирети өсиўинде, Өзбекстанда қазып алынып атырған баҳалы ҳәм реңли металлардың жоқары сапасы пүткил дүньяда айрықша тән алыныўында экономикамыздың локомотиви есапланған комбинаттың 35 мыңлық жәмәәти салмақлы үлес қосып келмекте.

Ҳәзирги ўақытта комплекс тәрепинен Ташкент, Жиззақ, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы баҳалы ҳәм реңли металлар ең алдынғы технологиялар тийкарында, жетекши сырт ел компаниялары менен биргеликте жедел өзлестирилмекте, өтимли өнимлердиң көлеми арттырылып, олардың 70 проценттен асламы экспорт етилмекте.

Дүнья базарындағы кескин бәсеки шараятында өндиристиң өсиўин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде комбинаттың узақ мүддетли модернизация бағдарламасы ислеп шығылды.

Ҳәзирги күнде жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў бойынша ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны айрықша итибарға ылайық. Атап айтқанда, «Ангрен» еркин экономикалық зонасында қурылған Ангрен қубыр заводы, Жиззақ ўәлаятында цемент заводы пайдаланыўға тапсырылды.

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы еллери аймағында ең ири-бир жылда 60 миллион тонна руданы қайта ислеў имканиятына ийе болған мыс байытыў фабрикасы ҳәм басқа да заманагөй өндирис қуўатлықларының қурылысы басланды.

Ең әҳмийетлиси, алып барылып атырған жедел ҳәм системалы дөретиўшилик жумыслар нәтийжесинде жергиликли халық ушын мыңлаған қосымша жумыс орынлары жаратылмақта.

Жақын жылларда комбинатты модернизациялаў бағдарламасы шеңберинде 2023-жылға келип өндирис көлеминиң 2,5 есеге өсиўин тәмийинлейтуғын тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў режелестирилмекте.

Бәршемиз жақсы билемиз, өндиристи түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм илимий технологияларды енгизиў мәселелери жоқары маман кадрларды талап етеди. Сонлықтан, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын толық тәмийинлеўге уқыплы болған заманагөй ҳәм жетик қәнигелерди таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

Алмалықта жумыс алып барып атырған Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң филиалы, сондай-ақ, өткен жылы шөлкемлестирилген Россия Федерациясының Миллий технологиялық изертлеўлер университети Москва полат ҳәм араласпалар институты филиалы усы ийгиликли мақсетке хызмет етпекте.

Кәрхананың барлық жумысшы-хызметкерлер ушын мүнәсип турмыс ҳәм мийнет шараятларын, оларға барлық қолайлықларды жаратып бериў бағдарындағы унамлы тәжирийбесин айрықша атап өтиў зәрүр.

Бүгин бул жерде заманагөй жайлар, мәденият ҳәм спорт объектлери, тегис көшелер, көркем ҳәм пайызлы орынлар, бир сөз бенен айтқанда, зәрүр инфраструктуралар қурылмақта. Бул шексиз бәсеки ҳәм итибардың айқын мысалын-жылдан-жылға раўажланып, сырт ел мийманлары және инвесторлары ушын тартымлы болып баратырған Алмалық қаласының абат ҳәм абадан  келбетинде де көриў мүмкин.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирдиң өзи пүткил халқымыз қатарында комбинат жәмәәти алдына да миллий экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған әҳмийетли ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды қоймақта.

Комплекс базасында жоқары технологиялық ҳәм қосымша қунға ийе өтимли өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў, бул жолда елимиздиң тәбийғый, мийнет ҳәм интеллектуал ресурсларынан толық пайдаланыў мәселелери оғада әҳмийетли болып тур.

Комбинаттың жоқары кәсиплик шеберликке, бай билим ҳәм тәжирийбеге ийе мийнеткешлери бул әҳмийетли және бағдарламалық ўазыйпаларды мақтаныш ҳәм жигерлилик пенен орынлайтуғынына исенимим кәмил.

Усы әййям мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўы жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнетиңизде жаңа табыслар тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти