Парламенттиң жоқары палатасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Светлана Ортиқованың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң жәрдемшиси – БМШ Раўажланыў бағдарламасы администраторының арнаўлы кеңесгөйи Абдула Мар Дийе басшылығындағы БМШ делегациясы менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары додаланды. Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетти ҳәм улыўма, регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўға жәрдемлесиў, заманның қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў, экологиялық машқалаларды шешиў, соның ишинде, Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли ўазыйпалары екени атап өтилди.

photo5298605882566880022.jpg

Тәреплер Арал теңизи апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы регионын социаллық-экономикалық раўажландырыў, бул бағдарда абырайлы халықаралық структуралар менен бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Усы жылы 25-октябрь күни Нөкис қаласында БМШтың қәўендерлигинде «Аралбойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп аталған жоқары дәрежедеги халықаралық конференциясы болып өтеди.

 

Ф.МИРЗАКОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы