Пахта жетистириў бойынша быйылғы мәўсимдеги контрактация шәртнамаларын артығы менен орынлаған Елликқала районындағы «Рўзимбой бобо» фермер хожалығының басшысы Тельман Султановқа «Boʻston Cluster»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Тracker»  автомобили саўға етилди.

Фермер хожалығы белгиленген 212 тонна орнына 280 тонна пахта жетистирди. Өнимдарлық орташа 40 центнерге жеткерилди. Атызлардағы қалған өнимди есап-санақ етип қосымша 50 тонна пахта жетистириў режелестирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда район ҳәкими С.Авезов, аймақтағы фермер хожалығының басшылары ҳәм теримшилер қатнасты.

Пахтаны жыйнап-терип алыўда мийнет етип атырған жәрдемшилер ҳәм жумысшылар район ҳәкимлиги тәрепинен де баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды. Жәрдемшилерге дастурхан жайып, бир кесе шай үстинде сәўбетлести.

Усы жылы пахташылыққа қәнигелескен 223 фермер хожалығы «Boʻston Cluster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен шәртнама дүзип, бүгинги күнге 60 тан аслам фермер хожалығы шәртнама режесин орынлады, – дейди Елликқала районы ҳәкиминиң орынбасары Д.Кабулов. – Олардан «Қирққизобод» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Элим толаси», «Рўзимбой бобо», «Гулдурсин» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Гулдурсин парвози» фермер хожалықлары жоқары нәтийжелерге ерисип, басқаларға өрнек болмақта.

Район пахтакешлери мәмлекетке 24 мың 290 тонна пахта тапсырыў шәртнама режесин жақын күнлерде орынлаўды мөлшерлемекте.

photo_2019-10-13_20-41-15.jpg

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.