Баку, 14-октябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң жетинши саммитинде қатнасыў ушын 14-октябрь күни Баку қаласында болды.

Баку халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Ёқуб Аюбов, Сыртқы ислер министрлиги басшылары ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасты.

Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалап, бул бағдарда биринши орындағы ўазыйпаларды белгилеп алды.

Мәмлекетлеримиздиң жетекши компаниялары ҳәм исбилерменлери дәрежесинде исбилерменлик байланысларын жолға қойыў, сондай-ақ, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли тармақларда кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Еки тәреплеме ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын жанландырыў және Өзбекстан ҳәм Әзербайжан регионлары делегацияларының өз-ара ушырасыўларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Илҳам Алиев Шавкат Мирзиёевти мәмлекетимиз Түркий тиллес мәмлекетлердиң кеңесине қосылғаны менен қутлықлап, бул, ҳеш қандай гүмансыз, еки тәреплеме қатнасықларды, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге жаңа пәт бағышлайтуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы саммитке таярлық жумыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенлигин атап өтти ҳәм Әзербайжанның шөлкемге табыслы басшылық етиўин тиледи.

Ушырасыў жуўмағында Президентлер көп әсирлик дослық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларының исенимли екенин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы шайхулислам Оллоҳшукур Пошшозоданы қабыл етти.

Ушырасыўда миллетлераралық  татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў, конфессиялараралық байланысты кеңейтиў, билимлендириў ҳәм жаслардың мәнаўий тәрбиясы мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиў дәрежесиниң барған сайын раўажланып атырған қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Биргеликтеги ҳәрекетлер заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, муқаддес ислам дининиң қәдириятлары ҳәм шын мәнисиндеги инсаныйлық мақсетлерин халықаралық жәмийетшиликке жеткериўге хызмет ететуғынын атап өтилди.

Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы, өз гезегинде, Өзбекстан Президентиниң ислам дүньясының бай мийрасын үйрениў ҳәм қәстерлеп сақлаў бойынша интакерлигин айрықша тән алып, бул бағдарда қабыл етилип атырған илажлардың нәтийжели екенлигин атап өтти.

Оллоҳшукур Пошшозода мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионда тынышлық, татыўлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеў жолында белсендилик пенен сөйлесиўлер алып барыў ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Саммиттиң тийкарғы ўақыялары 15-октябрь күни болып өтеди. Түркий кеңеске ағза мәмлекетлердиң басшылары шөлкеми шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған мәселелерди додалайды.

15dd6e69-426a-1308-b09d-212f63ad3d38.jpg

Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси (Түркий кеңес) буннан он жыл бурын – 2009-жыл 3-октябрьде Әзербайжанның Нахичеван қаласында Әзербайжан, Түркия, Қырғызстан ҳәм Қазақстанның қатнасыўында шөлкемлестирген. Бул халықаралық шөлкемниң тийкарғы мақсети түркий тиллес мәмлекетлер арасында өз-ара исеним, дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўден, регионда ҳәм дүньяда тынышлық және қәўипсизликти тәмийинлеўден ибарат.

Быйылғы саммиттиң өзине тән өзгешелиги сонда, Өзбекстан бириши мәрте Түркий кеңестиң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында қатнаспақта.

Бизге белгили, Президент Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 3-сентябр күни Қырғызстанның Шолпаната қаласында болып өткен Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң алтыншы саммитинде биринши мәрте ҳүрметли мийман сыпатында қатнасқан еди. Мәмлекетимиз басшысы усы саммиттеги шығып сөйлеўинде Түркий кеңес шеңбериндеги байланысларды раўажландырыўға тийисли әҳмийетли бағдарларға тоқтап, Өзбекстан бул халықаралық структура шеңберинде өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар екенлигин, оның келешегине үлкен үмит ҳәм исеним менен қарайтуғынын атап өткен еди.

Быйыл Өзбекстан бул шөлкемге тең ҳуқықлы ағза болып қосылыў жолындағы тарийхый қәдемин таслады. Президент Шавкат Мирзиёев усы жыл 14-сентябрь күни «Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў Кеңесин дүзиў ҳаққындағы Нахичеван Келисимин (Нахичеван, 2009-жыл 3-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына қол қойды. Усы тақылетте Өзбекстан және бир үлкен халықаралық шөлкемниң тең ҳуқықлы ағзасына айланды.

Бул ретки әнжуман экономика, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға бағышланған болып, бул Өзбекстанның басламаларына сәйкес келеди. Улыўма, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағзалық мәмлекетимиздиң ҳәм халқымыздың мәплерине хызмет етеди.

e0e5f2f8-accf-c6e3-3227-b03b4914c42a.jpg

ӨзА